Мийдиң рак кеселлигин анықлаўда ЖИ жаңа рекорд орнатты

Гарвард медицина мектеби илимпазлары PICTURE атлы жасалма интеллект системасын жаратты. Ол хирургиялық әмелият ўақтында мий өсимтелериниң еки қәўипли түри – глиобластома ҳәм орайлық нерв системасының бирлемши лимфомасын (MATBL)) – 98 проценттен жоқары анықлық пенен ажырата алады.
Әпиўайы шараятта нейрохирурглар музлатылған бөлекшелерден пайдаланады, бирақ бунда диагнозда қәтеликлер көп ушырасады. PICTURE болса қәтелесиў итималлығын азайтып, шыпакерлерге тез ҳәм исенимли қарар қабыл етиўге жәрдем береди. Сондай-ақ, система өз исеним дәрежесин баҳалайды ҳәм зәрүрлик пайда болғанда шыпакерге сигнал береди.
Сынақлар PICTURE тек ғана патологоанатомлардан емес, ал басқа ЖИ системаларынан да жоқары нәтийже көрсеткен. Ол ҳәтте орайлық нерв системасының 67 түрдеги басқа өсимтелерин анықлаў имканиятына ийе.
Қәнигелердиң пикиринше, бул технология нейроонкологияда диагностика қатнасын түп-тийкарынан өзгертиўи мүмкин. Соның менен бирге, түрли халық топарларында нәтийжелилигин тастыйықлаў ушын қосымша изертлеўлер зәрүр.
Мадинабону НАСРИЕВА, Улуғбек ТОХТАЕВ, ӨзАның хабаршылары