Қайтыс болған адамның фотосынан пайдаланыўда мийрасхорларынан келисим алыў белгиленбекте

Бүгинги күнде Интернет тармағы ҳәм мәлимлеме коммуникация технологиялары раўажланып барған сайын жеке мағлыўматлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселеси де үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Айырым жағдайларда адамлардың сүўретлеринен ғәрезли мақсетлерде ямаса олардың келисимин алмай турып пайдаланыў ямаса оларды өзинше сүўретке алыў жағдайларына дус келемиз.
Енди болса ҳәр бир инсанның сүўрети жеке мағлыўмат сыпатында қорғалады. Шахсты сүўретке алыў ҳәм оннан пайдаланыў ушын оның келисимин алыў мәжбүрий талап сыпатында белгилеп қойылмақта.
Бундай нормалар шахслардың сүўретине болған ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиўге қаратылған нызам жойбарында өз көринисин таппақта. Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде бул жойбар екинши оқыўда додаланды.
Атап өтилгениндей, адамды сүўретке алыў ҳәм оннан пайдаланыў процесинде адам менен байланысыў имканияты болмаған жағдайда, келисим оның нызамлы ўәкили тәрепинен бериледи. Сондай-ақ, адам қайтыс болған жағдайда, егер ол тири ўақтында келисим бермеген болса, оның мийрасхорлары тәрепинен келисим бериледи.
Буннан тысқары, бул бағдарда балалардың ҳуқықлары да айрықша нәзерде тутылмақта. Яғный, 16 жасқа толмаған жас өспиримлер атынан келисим олардың ата-анасынан бири ямаса ата-анасының орнын басыўшы шахслардан бири тәрепинен берилиўи нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, нызам жойбарында видеобақлаўды әмелге асырыўда жеке қол қатылмаслығын тәмийинлеўге байланыслы талаплар, сүўреттен руқсатсыз пайдаланғанда келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер анық белгилеп қойылмақта.
Додалаў ҳәм пикир-усыныслардан соң нызам жойбары екинши оқыўда мақулланды.
ӨзА