Өзбекстан Президенти Әзербайжанға жөнеп кетти

323

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң мирәт етиўине бола 6-октябрь күни әмелий сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.

Мәмлекетимиз басшысы Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң гезектеги саммитиниң тийкарғы илажларына қатнасады.

“Регионаллық тынышлық ҳәм қәўипсизлик” темасында өткерилип атырған ушырасыў күн тәртибинен тийкарғы тараўларда көп тәреплеме бирге ислесиўди және де тереңлестириў мәселелери орын алған.

Саммит жуўмағында шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиўге қаратылған бир қатар ҳүжжетлер қабыл етиледи.

ӨзА