Кәсиплик раўажланыў илажларына старт берилди

Мәмлекетимиз бойлап баслаўыш класс муғаллимлери ушын “Кәсиплик раўажланыў күни” илажларына старт берилип, республикамыз бойынша бул процесске 19 таяныш мектеби, 30 ментор ҳәм 734 жетекши муғаллим тартылды.
Илаж шеңберинде пән бағдарлары бойынша ҳәр қыйлы темаларда баянатлар ҳәм додалаўлар шөлкемлестирилмекте. Яғный, орынларда жеке ҳәм кәсиплик раўажланыўдың мақсет ҳәм нәтийжелери, баслаўыш класс оқыўшыларының оқыў саўатлылығын баҳалаў халықаралық бағдарламасы ҳәм PIRLS-2021 изертлеўиниң нәтийжелери, Өзбекстанның PIRLS-2026 халықаралық баҳалаў изертлеўинде қатнасыўы және оқыў саўатлылығы бойынша баҳалаў критериялары додаланбақта.

Бул илажлар муғаллимлердиң кәсиплик потенциалын арттырыў, алдынғы тәжирийбелерди әмелиятқа енгизиў ҳәм оқыўшылардың оқыў саўатлылығын раўажландырыўға хызмет етеди.
Илажлардың тийкарғы мақсети – муғаллимлер арасында тәжирийбе алмасыў, кәсиплик потенциалды раўажландырыў ҳәм билимлендириў процесине инновациялық қатнасларды енгизиўге қаратылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги