Балалар мәсканы итибар орайында

Ҳәзирде республикамыздағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жәмийетлик тәртиптеги үйрениў жумыслары әмелге асырылмақта.
Бунда тәрбияланыўшылар ушын жаратылған шараятлар, көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы, саламат аўқатланыў системасы, аўқат таярлаў ҳәм жеткерип бериў тәртиби, аутсорсинг хызметлериниң сапасы, санитариялық-гигиеналық жағдайы, абаданластырыў жумыслары, тәрбияланыўшыларға ажыратылған өнимлердиң белгиленген тәртип-қағыйдаларына бола берилиўи көзден өткерилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясының қалалық ҳәм районлық жәмийетлери, бирге ислесиўши шөлкемлердиң хызметкерлеринен ибарат Жумысшы топарлар тәрепинен анықланған кемшиликлер бойынша шөлкемлердиң жуўапкерлерине тийисли көрсетпелер берип барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги