Қытайда 1 мегаватт қуўатлылыққа ийе S1500 ушыўшы самал турбинасы прототипи табыслы сынақтан өткерилди

120

Sawes Energy Technology стартапы тәрепинен ислеп шығылған қурылма самал күшлирек ҳәм турақлырақ болған орынларда генераторларды жоқарыға көтериў ушын гелий қабықларынан пайдаланады. Энергия жерге оғада беккем кабельлер арқалы жеткериледи, соның менен бирге дәстүрий жер үсти самал генераторларына салыстырғанда материаллардың жумсалыўы ҳәм орнатыўдың баҳасы азаяды. S1500 сериялы ислеп шығарылыў 2026-жылға мөлшерленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги