Өзбекстан Президенти Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң гезектеги саммитинде қатнасады

58

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң мирәт етиўине бола 6-7-октябрь күнлери әмелий сапар менен усы мәмлекетте болады.

Мәмлекетимиз басшысы Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Габала қаласында болып өтетуғын гезектеги саммитинде қатнасады.

“Регионаллық тынышлық ҳәм қәўипсизлик” темасында өткерилетуғын мәжилис күн тәртибинен шөлкем шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери орын алған.

Сиясат, саўда-экономика, инновация, инвестиция, энергетика, транспорт-коммуникация, гуманитар ҳәм басқа да тийкарғы тараўлардағы әмелий бирге ислесиў перспективалары көрип шығылады.

Делегациялар басшылары халықаралық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алмасады.

Саммит жумағында шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиўге қаратылған биргеликтеги қарар ҳәм ҳүжжетлер қабыл етилиўи режелестирилген.

ӨзА