Илон Маск Forbes талқылаўы бойынша 500 млрд долларлық байлыққа ийе болған тарийхтағы биринши адамға айланды

Бул көрсеткишке 1-октябрь күни Tesla акциялары 4 процентке көтерилгеннен кейин ерисилген. Ҳәзирги ўақытта бизнесменниң байлығы дерлик 500 млрд долларға баҳаланбақта – бул оның ең жақын бәсекишиси Ларри Эллисоннан дерлик 150 млрд долларға көп.
Tesla’дан тысқары, бул SpaceX ҳәм xAI’ деги үлеслерди өз ишине алады. Forbes 2033-жыл мартқа барып Маск дүньядағы биринши триллионер болыўы мүмкинлигин болжамақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги