Мақамшылар Марғиланда жәмленди

128

Мақам өзбек миллий көркем өнеринде ең әҳмийетли орын ийелейтуғын бағдар. Ол әсирлер даўамында әўладтан-әўладқа өзиниң ырғағы, тартымлылығы айрықша сазы менен жетип келмекте. Хорезм, Бухара, Ташкент, Ферғана сыяқлы жөнелислерге ийе болған мақам жанлы процесс сыяқлы раўажланыў жолын басып өтти.

Он жыллар алдын ол ғалабалық илажлардан, телеканал бағдарламалары, мәмлекеттиң итибарынан шетте қалғандай еди. Өзбекстан Президентиниң мақамды раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға қаратылған қарарларынан соң ҳәр бир ўәлаятта мақам орайлары шөлкемлестирилди. Ферғана ўәлаятында болса Өзбекстанда бирден-бир мақам театры дүзилди. “Уллы жипек жолы” Халықаралық мақам музыкасы фестивалының Марғилан қаласында өткерилиўи де әне усы тийкарда жаратылған.

Марғиландағы “Дөретиўшилер бағы”нда болып өтип атырған мақам сейилинде Түркия, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, елимиздиң барлық ўәлаятларынан келген мақам шеберлери қатнаспақта. Дәслеп үлкен бағдың бир неше сахналарында олардың мақам ықласбентлери менен дөретиўшилик ушырасыўлары ҳәм шығыўлары болды. Соңынан ўақыя тийкарғы сахнаға көшти. Ықласбентлер қосықшылардың ҳәр бир жеке атқарыўшы, топар болып айтқан мақамларын қызығыўшылық пенен тыңлады. Әсиресе, әзербайжан муғамы, түрк мақамшыларының дәртли қосығы, Хорезм, Бухара, Ферғана жолындағы нама менен атқарылған қосықлар тамашагөйлер кеўлинен орын алды.

Коллегия қатаң таңлаў алдында қалған еди. Ақырында жеңимпазлар жәрияланды. Мақам көркем өнериниң әййемги ҳәм бийтәкирар дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў, раўажландырыў және дүнья көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаўға қосқан үлкен үлеси, шебер атқарыўы ҳәм фестивальда белсене қатнасқаны ушын “Уллы жипек жолы” халықаралық мақам музыка фестивальының статуэткасы, арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен Түркия, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан және Қарақалпақстан Республикалары, Бухара, Жиззақ ҳәм Ферғана ўәлаятларының мақам жәмәәтлери сыйлықланды.

Сахнаға шыққан шөлкемлестириўши – Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигиниң ўәкиллери жеңимпазларға тийислисинше диплом ҳәм саўғаларды тапсырды.

Рәсмий түрде таңлаў жуўмақланды. Бирақ мақам түнлерде Марғиланның ҳәр бир көшеси, мәҳәллесине шекем жетип барды.

 

Муҳаммаджон ОБИДОВ, ӨзАның хабаршысы