Өзбекстанға емлениў ушын ең көп тәжикстанлылар келген

101

Соңғы жыллары елимизде медицина тараўы раўажланып денсаўлықты сақлаў системасының ҳәр бир бағдары заман талаплары тийкарында жетилистирилди. Жаңадан-жаңа емлеў стандартлары жолға қойылып, жоқары технологиялық әмелиятлар системаның ашық-айдынлығын арттырды. Халыққа көрсетилип атырған сапалы ҳәм қәнигели медициналық хызметлер ҳәттеки сырт ел пуқараларын да өзине тартты.

Атап айтқанда, Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-август айларында жәми 62 054 сырт ел пуқарасы емлениў мақсетинде Өзбекстанға келген. Олардың арасында ең көп Тәжикстан Республикасы болып, бул мәмлекеттен усы жыл даўамында елимизге 44 209 пуқара келген.

Сондай-ақ, Қырғыз Республикасынан 10 427, Қазақстаннан 5 483, Россиядан 1 280, Аўғанстаннан 343, Түркменстаннан 204, Түркиядан 31, АҚШтан 11, Қытайдан 10, Украинадан 9 ҳәм басқа да мәмлекетлерден 47 пуқара елимизге емлениў мақсетинде келген.

Гулноза Бобоева, ӨзА