Транспорт тараўында Латвия менен бирге ислесиў кеңеймекте

102

Мәмлекетимизде темир жол, автомобиль тасыўлары, ҳаўа байланысы ҳәм порт хызметлери тараўында бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў арқалы және де кең экономикалық имканиятларға ериспекте.

Өзбекстан Республикасы транспорт министри Илҳом Маҳкамов елимизге келген Латвия транспорт министри Атис Швинка басшылығындағы делегация ўәкиллери менен ушырасты. Латвия темир жоллары, Рига, Лийепая ҳәм Венцпилс портларының басшылары қатнасыўында болып өткен ушырасыўда тәреплер темир жол, автомобиль тасыўлары, ҳаўа байланысы ҳәм порт хызметлери тараўындағы бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў перспективаларын додалады.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде мәмлекетлеримиз арасында транспорт тараўындағы стратегиялық бирге ислесиўди ҳәм өз-ара байланысларды раўажландырыўдың унамлы динамикасы көзге тасланбақта. Латвия транспорт министри Атис Швинка Өзбекстанға дәслепки сапары екенин, мақсети мәмлекетимиз бенен транспорт тараўындағы қатнасықларды раўажландырыўдың кейинги басқышларына кирисиўге ҳәрекет етип атырғанын атап өтти.

Сондай-ақ, Латвия тәрепи авиарейслердиң санын көбейтиў, жүк тасыўлардың көлемин арттырыў ҳәм электрон коммерцияны раўажландырыўға қызығыўшылық билдирди, делинеди Транспорт министрлигиниң мағлыўматында.

Өзбекстан тәрепи болса санлы транспорт ҳүжжетлерине өтиўге, автомобильде жүк тасыўлар ушын руқсатнама бланкаларының санын көбейтиўге, транзит тасыўлар ушын руқсатнамасыз системаны енгизиўге байланыслы мәселелерди көтерди.

Транспорт министри Илҳом Маҳкамов Шығыс – Батыс ҳәм қубла жөнелисинде халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлер ҳаққында мағлыўмат берди ҳәм Латвия тәрепин бул коридорлардың потенциалын арттырыў бойынша өз-ара биргеликте илажлар көриўге шақырды.

А.РУСТАМОВ, ӨзАның хабаршысы