Пакистан менен парламентлераралық байланыслар беккемленеди

99

Бурын хабар бергенимиздей, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов басшылығындағы делегация рәсмий сапар менен Пакистан Ислам Республикасында болды. Сапар даўамында Пакистан парламенти Миллий Ассамблеясының Спикери Сардор Аёз Содиқ, Сенат Баслығы Юсуф Ризо Ғилоний, сондай-ақ, Панжоб ўәлаяты парламентиниң басшылары менен ушырасыўлар өткерилди.

Сөйлесиўлерде Нызамшылық палатасының Спикери Пакистан тәрепине мәмлекетимиздеги демократиялық реформалар, жаңа редакциядағы Конституция, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған илажлар және сырт ел инвесторлары ушын жаратылып атырған шараятлар ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Пакистан парламенти Миллий Ассамблеясының Спикери Сардор Аёз Содиқ Өзбекстан исенимли шерик екенин атап өтип, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады. Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы көп тәреплеме байланыслар жеделлесип атырғанын, онда Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң өз-ара сапарлары әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Миллий Ассамблея Спикери Өзбекстан жетекшисиниң басламасы менен Ташкент – Исламабад – Ташкент ҳәм Ташкент – Лаҳор – Ташкент авиақатнаўларының жолға қойылғаны еки халық, әсиресе, еки мәмлекеттиң исбилермен топарлары ушын үлкен қолайлық жаратып атырғанын атап өтти.

Пакистан парламенти Сенатының Баслығы Юсуф Ризо Ғилоний менен болған ушырасыўда да соңғы жыллары мәмлекет басшыларының басламалары менен алып барылып атырған ашық-айдын, конструктивлик ҳәм сыртқы сиясат нәтийжесинде Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы қатнасықлар жаңа басқышқа көтерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Юсуф Ризо Ғилоний Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң усы жыл февраль айында Өзбекстанға тарийхый сапары өз-ара қатнасықларда жаңа бет ашқанын, оның шеңберинде бирге ислесиўди раўажландырыўға тийкар болатуғын бир неше келисимлерге ерисилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Еки мәмлекет арасында қол қойылған 80 шәртнамалық-ҳуқықый ҳүжжеттиң, “Жол картасы” ҳәм келисимлердиң министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен өз ўақтында орынланыўы бойынша биргеликтеги парламентлик қадағалаўды жолға қойыў усынысын қоллап-қуўатлады.

Делегация ағзаларының Панжоб ўәлаяты парламентиниң Спикери ўазыйпасын атқарыўшы Иқбол Чаннар менен де сөйлесиўи болып өтти. Ушырасыўда тәреплер парламентлераралық байланысларды аймақлараралық дәрежеде жеделлестириўге таяр екенин билдирди.

Сапар етиў шеңберинде Пакистан Ислам Республикасы парламенти Миллий Ассамблеясы ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасы арасында дүзилген дослық топарларының биринши мәжилиси өткерилди.  Онда жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеўде парламентлердиң орны, транспорт-логистика, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў ҳәм келешектеги режелер ҳаққында сөз болды. Парламентлераралық дослық топарларының жумысын және де жанландырыў, өз-ара сапарлар алмасыўын даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

М.Комилова, ӨзА