Европаның жетекши IT компаниясы Өзбекстанда жумысын кеңейтпекте

Европа базарында өзиниң абырайына ийе “Accesa” компаниясы мәмлекетимизде жумысын кеңейтиў ҳәм жергиликли экосистемаға жақыннан кириў нийетинде. Бул баслама арқалы жаслар ушын жаңа имканиятлар ҳәм заманагөй жумыс орынлары жаратылыўы күтилмекте.
Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов “Accesa” ҳәм оның бас компаниясы – банк ҳәм жоқары технологиялар тараўында жетекши Европа санлы шешимлер провайдериниң ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўлер даўамында бул компанияның Өзбекстандағы жумысын кеңейтиў, миллий IT-экосистемаға инвестицияларды көбейтиў, жаслар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў, кадрлар таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бағдарламаларын жолға қойыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, IT хызметлер экспортын арттырыў, стартаплар менен бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў имканиятлары да көрип шығылды.

Министр Ш.Шерматов Өзбекстанның “Accesa” сыяқлы жетекши халықаралық технологиялық компанияларды тартыўға умтылысын атап өтип, бул процесс мәмлекеттиң экспорт потенциалын арттырыў, санлы экономиканың жедел раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм халықаралық майдандағы абырайын беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.
“Accesa” усы жылдың июнь айында Өзбекстан базарына рәсмий кирип келген болып, жумысын жолға қойғаннан соң, мәмлекетте және де кеңейиў режелерин тастыйықлады.
Компания ўәкиллери Өзбекстанда IT тараўында жаратылып атырған қолайлы шараятлар, атап айтқанда, IT Park Uzbekistan тәрепинен усыныс етилип атырған инфраструктура ҳәм ҳуқықый жеңилликлерди жоқары баҳалады.
Нигора Раҳмонова, ӨзА