Россия илимпазлары монографиясының презентациясы өткерилди

Ташкенттеги Инсан ҳуқықлары үйинде Россия илимпазларының қәлемине тийисли “Өтмиштен келешекке қарай: заманагөй дүньяда инсан ҳуқықлары” атамасындағы монографияның презентациясы болып өтти.
Бул шығарма Россия мәмлекетлик гуманитарлық университетиниң Мийрас ҳәм заманагөй жәмийет институты тәрепинен басып шығарылған.
Презентация Россия Федерациясы Президентиниң кеңесгөйи, Президент жанындағы Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша кеңестиң баслығы Валерий Фадеев басшылығындағы делегацияның мәмлекетимизге сапары шеңберинде өткерилди.
Презентацияда ҳәр еки мәмлекеттиң жетекши мәмлекетлик ҳәм илимий ғайраткерлери, мәмлекетлик уйымлар, академиялық топарлар ҳәм инсан ҳуқықлары шөлкемлериниң ўәкиллери офлайн тәризде, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы ҳәм ўәлаят орайларындағы мәлимлеме-китапхана орайларының хызметкерлери онлайн тәризде қатнасты.













Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыўда юридикалық әдебияттың орны оғада әҳмийетли екенин атап өтти. Инсан ҳуқықлары үйинде “Россия ҳәм инсан ҳуқықлары” мүйеши ашылғанын жәриялады.
Бул мүйеш Россия Федерациясы Президенти жанындағы Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша кеңес, Россия Федерациясының Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили, Патрис Лумумба атындағы Россия халықлар дослығы университети Юридикалық институты сыяқлы шөлкемлер ҳәм мәкемелер усынған китаплар есабынан шөлкемлестирилди.
Россия Президентиниң кеңесгөйи Валерий Фадеевтиң атап өткениндей, бул баслама Россияның ҳуқық ҳәм еркинликлерди қорғаў системасы ҳаққындағы билимлерди тарқатыў, сондай-ақ, кәсиплик байланыслар ҳәм мәмлекетлераралық инсан ҳуқықлары сөйлесиўин беккемлеўге қаратылған. Бүгинги күнде инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери додаланыўын бир ғана дәстүр ямаса идеология шеңбери менен шеклеп болмайды – тез өзгерип атырған дүньяда раўажланыўдың жаңа жолларын усыныс ете алатуғын кең көлемли цивилизациялар аралық сөйлесиў зәрүр.
Шығып сөйлегенлер монография фундаментал изертлеў есапланатуғынын атап өтти. Китапта инсан ҳуқықлары идеялары Россия жәмийетиниң дәстүрий қәдириятлар системасына қалай кирип барғаны, басқа ҳуқықый ҳәм мәдений дәстүрлерге салыстырғанда қалай раўажланып атырғаны ҳәм глобал машқалалар шараятында социаллық ҳуқықлар қаншелли әҳмийетке ийе екени илимий, теориялық ҳәм әмелий жақтан терең талланған.
Презентацияда еки мәмлекет арасындағы сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм жаңа басқышқа көтериў әҳмийетли екенлигине итибар қаратылды. Гуманитарлық тараўдағы биргеликтеги жойбарлардың әҳмийети айрықша атап өтилди.
Презентация шеңберинде делегация ағзаларына Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы тәрепинен басып шығарылған жаңа китаплар, қолланба ҳәм журналлар усыныс етилди.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА