Европа парламентинде Өзбекстан менен бирге ислесиў ҳәм гендер теңлик мәселелери додаланды

97

Европа парламентинде “Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы: демократиялық реформаларды ҳәм гендер теңликти алға қойыўда парламентлераралық сөйлесиўдиң роли” атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы Қутбиддин Бурхонов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы қатнасты.

Илажда кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы байланыслар жедел раўажланып, стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени атап өтилди.

Атап айтқанда, 2025-жыл апрель айында Самарқандта өткерилген “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” биринши саммити өз-ара исенимли сөйлесиўди және де беккемлеп, бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын ашып берди.

Бул процессте парламентлераралық сөйлесиў әҳмийетли орын ийелеп атырғаны, нызамшылық бойынша тәжирийбе алмасыў, реформаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықлар арасында өз-ара түсинисиўди күшейтиўге хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди.

Дөгерек сәўбети даўамында инсан ҳуқықларын қорғаў, пуқаралық жәмийетин қоллап-қуўатлаў, жаслар сиясаты ҳәм ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий процесстеги қатнасын кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Өзбекстанда 2030-жылға шекем мөлшерленген гендер теңлик стратегиясының қабыл етилгени, ҳаял-қызлардың сиясий, экономикалық ҳәм социаллық турмыстағы роли барған сайын артып атырғаны атап өтилди. Ҳаял-қызлардың парламент, басқарыў, билимлендириў ҳәм исбилерменлик тараўларындағы белсендилиги мысал етип келтирилди.

Илаж қатнасыўшылары Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында өз көринисин тапқан демократиялық реформаларды тереңлестириў, гендер теңликти беккемлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў, реформаларды қоллап-қуўатлаўда парламентлераралық сөйлесиўдиң ролин күшейтиў, Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимниң перспективаларына айрықша итибар қаратты.

Н.Абдураимова, ӨзА