Ташкентте “САVА Women’s championship”жарысы старт алды

Пайтахтымыздағы Олимпиада қалашасында ҳаял-қызлар арасында волейбол бойынша Орайлық Азия чемпионаты басланды.
Чемпионатқа Иран, Тәжикстан, Қырғыз Республикасы ҳәм Өзбекстан сайланды командалары қатнаспақта.
Ойын алдынан жарыстың салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Онда Орайлық Азия волейбол ассоциациясы, Өзбекстан волейбол федерациясы жуўапкерлери, жарысты өткериўши шөлкемлестириў топарының ағзалары қатнасты. Соң қысқа бағдарламада концерт шөлкемлестирилди.
Дәслепки ойын Өзбекстан ҳәм Тәжикстан сайланды командалары арасында болып өтти. Кескин ҳәм маўасасыз өткен ушырасыўда қызларымыздың қолы бәлент келди: Өзбекстан – Тәжикстан 3:0.
Волейболшы қызларымыз кейинги ушырасыўды бүгин Қырғыз Республикасы командасына қарсы өткереди.
Орайлық Азия чемпионаты беллесиўлери 5-октябрьге шекем даўам етеди.
Муҳаммад АМИН (сүўрет), ӨзА