II Әзербайжан-Өзбекстан медиа форумы: Санлы орталықта этикалық жуўапкершилик (+видео)

Баку қаласында “Санлы трансформация ҳәм медиа” темасындағы II Әзербайжан-Өзбекстан медиа форумы болып өтти.
Форум шеңберинде еки мәмлекет медиа тараўында бирге ислесиўди күшейтиў, тәжирийбе алмасыў, санлы жаңаланыў процесслерине бейимлесиў, дезинформацияға қарсы нәтийжели илажлар көриў ҳәм мәлимлеме тараўында интеллектуаллық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.
Илажда еки мәмлекетлик уйымлар ҳәм медиа шөлкемлердиң басшылары, журналистлер ҳәм коммуникация тараўының қәнигелери қатнасты. Форумның тийкарғы мақсети қоспа медиа жойбарларды әмелге асырыў, кадрлар потенциалын арттырыў ҳәм кәсиплик тәжирийбени байытыўдан ибарат.
Форумда Әзербайжан Аудиовизуал кеңесиниң баслығы Исмат Саттаров, Әзербайжан Республикасы Медианы раўажландырыў агентлигиниң басшысы Аҳмад Исмоилов ҳәм Өзбекстан Президенти жанындағы Коммуникациялар бөлиминиң басшысы Дилшод Сайиджонов қатнасты. Олар еки мәмлекет арасындағы медиа бирге ислесиўин раўажландырыў ҳәм стратегиялық байланысларды беккемлеў әҳмийетине тоқтап өтти.

– Бул форум еки мәмлекеттиң медиа бирге ислесиўин беккемлеў ҳәм санлы трансформациядағы жаңа имканиятларды додалаў ушын оғада әҳмийетли. Журналистлердиң профессионаллығын ҳәм этикалық жуўапкершилигин арттырыў жолында бирге ислесиўди кеңейтиўге таярмыз, – дейди Әзербайжан Аудиовизуал кеңесиниң баслығы Исмат Саттаров. – Кейинги жыллары медиа тараўында мәмлекеттиң қоллап-қуўатлаўы менен әҳмийетли реформалар әмелге асырылды. Өзбекстан ҳәм Әзербайжан журналистлери биргеликте дезинформацияға қарсы нәтийжели механизмлерди ислеп шықпақта. Бул тек ғана еки мәмлекет ушын емес, ал пүткил регион ушын үлги бола алады.
“Санлы мәлимлеме орталығында этикалық жуўапкершилик” темасындағы панель сессиясы Өзбекстан Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети проректоры, доктор Нозима Муратова модераторлығында өтти.
– Журналистлер тек ғана хабар бериў емес, ал аудиторияның саўатлылығын арттырыў, дезинформацияға қарсы турыў ҳәм социаллық жуўапкершиликти тәмийинлеў ўазыйпасын да орынлаўы керек. Форум усыларды додалаў ушын жақсы платформа болды, – дейди Нозима Муратова.
Сессияда AZƏRTAC (Азартаж) басқарыў коллегиясы баслығының орынбасары Севинч Абдуллаева, Өзбекстан Миллий ҒХҚын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фонды қәўендерлик кеңесиниң баслығы Акрамжон Фозилов, “1news.az (https://1news.az/)” порталының бас редакторы Камола Маммадова ҳәм “Өзбекстан 24” телеканалының бас продюсери Ҳайдар Ҳасанов спикер сыпатында қатнасты.
– Ҳәр бир журналист дезинформацияға қарсы гүресиў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеўде жуўапкершиликли болыўы шәрт, – дейди AZƏRTAC басқарыў кеңеси баслығының орынбасары Севинч Абдуллаева. – Бунда халықаралық стандартлар ҳәм этикалық принциплер тийкарғы бағдар есапланады. Форум усы мәселелер бойынша пикир алысыў ушын әжайып майдан болды.
Додалаўларда санлы орталықта журналистлердиң социаллық ҳәм этикалық жуўапкершилиги, дезинформация және манипуляциялық контентке қарсы кәсиплик стандартлар додаланды. Спикерлер атап өткениндей, санлы мәлимлеме мәканында хабарлар тезлик пенен кең аудиторияға жетип барады ҳәм бул жағдай жәмийеттеги қатнасықларға тиккелей тәсир көрсетеди. Сонлықтан, медиа тараўында жоқары профессионаллық пенен бирге, этикалық жуўапкершилик те әҳмийетли есапланады.
Форумда жуўапкершиликли медиа орталығын қәлиплестириўде мәмлекетлик уйымлар, медиа шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының бирге ислесиўиниң әҳмийетине айрықша итибар қаратылды.
Форум жуўмағында спикерлер тыңлаўшылардың сораўларына жуўап берди. Буннан соң, Әзербайжан Медианы раўажландырыў агентлигиниң басламасы менен өткерилген II Әзербайжан-Өзбекстан медиа форумы өз жумысын жуўмақлады.
Быйылғы форум еки мәмлекет медиа тараўларында стратегиялық бирге ислесиўди беккемлеў, дезинформацияға қарсы нәтийжели механизмлерди енгизиў ҳәм санлы дәўир талапларына жуўап беретуғын заманагөй медиа системасын қәлиплестириў жолында әҳмийетли қәдем болды.
Шаҳноза Маматуропова, ӨзА
Әзербайжан, Баку қаласы