Ҳәр бир қәдемде қолайлық: жоллар оңланбақта

Президентимиздиң “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды еле де жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы қарарына муўапық, Қоңырат — Мойнақ автомобиль жолының 91 километр бөлегин оңлаў белгиленген.
Усы қарардың орынланыўы шеңберинде бүгинги күнде қурылыс-оңлаў жумыслары баслап жиберилди. Ҳәзирги күнде автомобиль жолының Қоңырат районы аймағынан өткен 19—22-километр бөлегинде асфальт төсеў жумыслары басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Жумыс процесслерине 8 заманагөй арнаўлы техника ҳәм 15 жумысшы күш тартылған. Бул оңлаў жумыслардың нәтийжесинде тек ғана транспорт инфраструктурасы жаңаланып қоймастан, ал халықтың күнделикли турмысы жеңиллеседи, аймақлараралық байланыслар беккемленеди ҳәм экономикалық белсендилик және де артады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги