Өзбекстан космослық бирге ислесиў бағдарларын кеңейтеди

86

Сиднейде болып өтип атырған Халықаралық астронавтика конгреси шеңберинде санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов “Thales Alenia Space”  компаниясы ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

“Thales Alenia Space” – космослық өндирис тараўында дүнья жетекшилеринен бири болып, 40 жылдан аслам ўақыт даўамында телекоммуникация, навигация, Жерди бақлаў, планеталарды үйрениў, илимий изертлеўлер ҳәм орбитал инфраструктуралар бағдарларында инновациялық шешимлерди усыныс етип келмекте.

Компанияның кең көлемли тәжирийбеси ҳәм алдынғы технологиялары мәмлекетлик уйымлар, халықаралық шөлкемлер, космослық агентликлер ҳәм коммерциялық байланыс операторларына нәтийжели хызмет көрсетиў имканиятын бермекте.

Ушырасыўда Өзбекстанда телекоммуникация хызметлерин буннан былай да жетилистириў, экологиялық мониторинг системаларын раўажландырыў бойынша заманагөй шешимлерди енгизиў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, Жерди аралықтан зондлаў ҳәм спутник мағлыўматларын қайта ислеўде бирге ислесиў имканиятлары көрип шығылды.

Бул компания Өзбекстан менен узақ мүддетли бирге ислесиўге таяр екенин билдирди. Сөйлесиў мәмлекетте санлы экономиканы раўажландырыў, космослық технологияларды енгизиў бағдарында жаңа перспективаларды ашатуғыны атап өтилди.

Нигора Раҳмонова, ӨзА