1-октябрьден нелер өзгереди?

Өзбекстанда 1-октябрьден күшке киретуғын нызамшылықтағы өзгерислер ҳаққында мағлыўмат беремиз.
“Шырайлы” мәмлекетлик номер белгилериниң аукцион саўдалары тоқтатылады
Министрлер Кабинетиниң 4-сентябрьдеги қарарына муўапық, “Өзбекстан Республикалық товар-шийки зат биржасы” 2025-жыл 1-октябрьден баслап “шырайлы” мәмлекетлик номер белгилериниң аукцион саўдаларын тоқтатады.
“Жасыл мәкан” платформасында ашық-айдынлық тәмийинленеди
“Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын әмелге асырыўда жәмийетшиликтиң қатнасын арттырыў, “Жасыл мәкан” платформасында ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратылған төмендеги механизмлер енгизиледи, соның ишинде:
халықтың басламасы менен терек егилиўи мүмкин болған анық аймақ, суў тәмийнаты, кейин ала тәрбиялаў имканияты ҳәм тереклердиң түрлерин көрсетиў;
“Жасыл мәкан” жойбарына Мәмлекетлик бюджет қаржыларынан әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққындағы мағлыўматларды жәмийетшиликке “Ҳәр бир тыйын жумсалыўын бақлаў” принципи тийкарында онлайн жеткериў.
Скутер ҳәм мопед айдаў ушын айдаўшылық гүўалығы мәжбүрий болады
Енди мопед ҳәм скутер айдаўшылары ушын жаңа қағыйда күшке киреди – оларды басқарыў ушын айдаўшылық гүўалығы талап етиледи. Скутер ямаса мопедти дизимнен өткериў баҳасы 3,7 БЕМ (1 525 400 сум) етип белгиленген. Оқыў курслары болса 2 миллион сумға шекем. Гүўалық алыў ушын мәмлекетлик бажы – 288 400 сумды қурайды. Номер алыў БЕМның 1,5 есеси – 618 мың сум. Онда улыўма қәрежет дерлик 4,5 миллион сумнан артпақта.
Майыплығы болған шахслар ушын пенсиялар автомат тәризде тайынланады
1-октябрьден баслап Халық банкинде пенсияларды нақ түрде бериўде Face-ID биометрикалық идентификация ҳәм электрон санлы қолтаңбалардан пайдаланылады. Төлем алыўшылар төлем ведомостьларына планшетте электрон формада қол қойыўы мүмкин болады. Әдиллик министрлиги Пенсия қоры ҳәм Халық банкиниң электрон сораўына бола биометрикалық идентификациялаў ушын мағлыўматларды усынады. Мәмлекетлик хызметкерлердиң хызмет сапарлары ушын бирден-бир модул жолға қойылады.
Нызамшылыққа бола, мәмлекетлик хызметкерлердиң сырт елге ҳәм ишки хызмет сапарларын шөлкемлестириў, есабын жүргизиў ҳәм таллаўын алып барыў “hrm.argos.uz” электрон системасы қурамындағы “Хызмет сапары” бирден-бир модули арқалы әмелге асырылады.
Айырым финанслық жәрдемлер социаллық карта арқалы ажыратылады
Министрлер Кабинетиниң 11-март күнги қарары менен Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли қорының жумысын шөлкемлестириў тәртиби тастыйықланған еди. Қарарға бола, 2025-жылдың 1-октябринен қор қаржылары есабынан пуқараларға нақ пул түринде берилетуғын қаржылар басқышпа-басқыш социаллық карта арқалы бериледи.
ӨзА