Өзбекстан – Иран парламентлераралық дослық қатнасықлары додаланды

79

Сенаттың Жергиликли ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын күшейтиўге жәрдемлесиў комиссиясының баслығы Анвар Туйчиев “Иран-Өзбекстан” парламентлераралық дослық топарының баслығы Жавад Никбин басшылығындағы делегация менен ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиў байланысларын буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.

Атап айтқанда, “Өзбекстан-Иран” ҳәм “Иран-Өзбекстан” парламентлераралық дослық топарларының жумысын және де раўажландырыў, парламентлер дәрежесинде тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги басламаларды қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, жергиликли Кеңеслердиң жумысын раўажландырыў, аймақлардағы басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм ўәкилликли уйымлардың жумысында алдынғы тәжирийбени қолланыў бойынша бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда еки тәрептиң де турақлы сөйлесиў ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыўға таяр екенлиги билдирилди.

Тәреплер парламентлераралық сөйлесиўди турақлы даўам еттириў, имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў Өзбекстан ҳәм Иран арасындағы дослық байланысларын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги