Хожелиде « Шедевр» диң үшинши жаңа имараты ашылды

Елимизде киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўға қаратылып атырған имканиятлардан орынлы пайдаланған исбилерменлер үлкен жетискенликлерге ерисип келмекте.
Хожели районында 2013-жылдан берли халыққа сапалы хызмет көрсетип киятырған “Шедевр” рестораны бүгин өз қарыйдарларының кеўлинен шығып келмекте.
Ресторанның тармақлары және де кеңейип, бүгин үшинши жаңа имаратқа ийе болды. Исбилермен И.Ибрагимов өз есабынан барлық шараятларға ийе заманагөй имаратты тиклеп, жасларымыз ушын жаңа 20 жумыс орнын жаратты.
Салтанатлы ашылыў мәресимине район ҳәкими Ж.Ермашев, нураныйлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Сөзге шыққанлар ҳүрметли Президентимизге исбилерменлерге деген итибары ҳәм жаратылып атырған салық жеңилликлери ушын миннетдаршылық билдирип, бәршени жаңа имараттың ашылыўы менен қутлықлады.
Бундай басламалар районда хызмет көрсетиў тараўын раўажландырып, халық ушын және де қолайлы ҳәм сапалы имканиятларды жаратыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги