Тәжирийбели муғаллим ҳәм устазлар сыйлықланды

103

Қараөзек районында мәмлекетимиздиң ертеңги келешеги болған кәмил инсанларды тәрбиялап жетилистириўге өзиниң барлық өмирин бағышлаған муғаллимлеримиз бенен қәдирли устазларымыздың «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» улыўмахалықлық байрамы кең түрде белгиленди.

Байрам  салтанатына  район басшылары, билимлендириў хызметкерлери, нураный муғаллимлер ҳәм жаслар қатнасты.

Онда район ҳәкими А. Баймуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өзлериниң барлық өмири, қәлбиндеги нуры ҳәм меҳрин балаларға бағышлаған, оларға илим-билим, өнер сырларын үйретип, халқымыздың иззет-ҳүрметине, шексиз алғысына миясар болған устазларымызды кәсиплик байрамлары менен қутлықлады.

Сондай-ақ, район ҳәкими нураный устазлардың да мийнетлерин атап өтип, «Меҳнат шуҳраты» ордени ийеси Г.Оразымбетованың ис тәжирийбесин мектеплерде кеңнен ен жайдырыў зәрүрлигине тоқтап өтти.

Илажда тараўда жоқары нәтийжелерге ерискен бир қатар тәжирийбели муғаллимлерге район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы көкирек белгилери менен естелик саўғалары тапсырылды.

Байрам кешеси районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы