Өзбекстан Президенти Нью-Йоркқа тарийхый сапары ўақтында экономикалық бирге ислесиўди беккемледи

Иордания Ҳошимийлер Патшалығының “Ammonnews” басылымында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Нью-Йорк қаласына сапары исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Американың жетекши компаниялары, инвестициялық қорлар ҳәм финанслық институтлардың басшылары менен ушырасып, дөгерек сәўбети өткергенин сәўлелендирген.
Мақалада илажлар АҚШ Президентиниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Сержио Гор, глобал шериклик бойынша арнаўлы ўәкили Паоло Замполли, саўда министриниң орынбасары Уильям Киммитт, Америка-Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм, сондай-ақ, “Franklin Templeton”, “Citigroup”, “BNY Mellon”, “NASDAQ”, “Boeing”, “Mastercard”, “Visa”, “General Motors”, “Nvidia”, “Oppenheimer”, “Jefferies”, “Air Products”, “Traxys”, “FLSmidth”, “GoGreen Partners”, “Cleveland Clinic”, “Cargill” сыяқлы компаниялардың топ-менеджерлери ҳәм Өзбекстанның ири компанияларының басшылары қатнасыўында өткени атап өтилген.
– Халықаралық валюта қорының ўәкили Кристалина Георгиева Өзбекстанда алып барылып атырған “қайтпас” реформаларды жоқары баҳалап, техникалық жәрдем күшейтилетуғынын атап өтти, – делинген мақалада. – Жәҳән банкиниң ўәкили Ажайи Банга да республикадағы избе-из ҳәрекетлерди атап өтип, банктиң 14 миллиард долларлық жойбар портфелине айрықша тоқтап өткен.
Автор мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында Президент Дональд Трамп пенен жақында болып өткен сөйлесиўде экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм узақ мүддетли келешекке мөлшерленген салмақлы жойбарлар портфелин қәлиплестириўге келисип алынғанын атап өткен. Усы мүнәсибет пенен бул ушырасыў жоқарыдағы ўазыйпаларды орынлаўда айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилген.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА