Рәсмий дәраматқа ийе болмағанларға ипотека кредитлерин қаржыландырыў басланды
93

Бул ҳаққында Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясының баспасөз хызмети хабар берди.
Хабарда мәлим етилиўинше, Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы 22-сентябрьден баслап рәсмий дәраматқа ийе болмаған пуқаралардың ипотека кредитлерин қайта қаржыландырыўды жолға қойды.
Сондай-ақ, хабарда атап өтилиўинше, бул механизм компания тәрепинен ислеп шығылған болып, бирге ислесиўши коммерциялық банклерге ипотека кредитлерин және де кеңирек қатламға усыныў имканиятын береди.
Бул жаңа әмелияттың енгизилиўи рәсмий дәрамат ҳүжжетлерин усыныс ете алмайтуғын, бирақ турақлы дәрамат дәрегине ийе болған пуқаралар ушын ипотека кредитинен пайдаланыў имканиятын жаратады.
Ш.Маматуропова, ӨзА