Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёвтиӊ Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясыныӊ 80-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли Баслық ханымлар!
Ҳүрметли Бас хаткер мырза!
Делегациялардың басшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының юбилей әнжуманы – 80-сессиясы менен сизлерди қутлықлаўдан қуўанышлыман.
Бүгинги мәжилисимиз жеделлик пенен өзгерип атырған қыйын глобаллық жағдайда өтпекте. Бул болса Шөлкемимиздиң жумысына ҳәм оның келешегине жаңаша көзқараслар менен қараўға шақырмақта.
Ҳәзирги күнде дүньяда халықаралық институтлардың орны ҳәм роли әззилемекте, қарама-қарсылық, келиспеўшилик ҳәм урыслар күшеймекте, технологиялық ҳәм социаллық теңсизлик кескин артпақта, экономикалық ҳәм гуманитарлық кризислер артып бармақта. Булардың барлығы пүткиллей жаңа, қәўетерли геосиясий ўақыяны пайда етпекте.
Биз Бас хаткер Уллы Мәртебели Мырза Антониу Гутерриштиң ең аўыр ҳәм өткир глобаллық мәселелерди келисим менен шешиў ушын Шөлкемимизди тийкарғы платформа сыпатында сақлап қалыўға қаратылған ҳәрекетлерин жоқары баҳалаймыз.
Бул бағдарда “БМШ – 80” басламаларын толық қоллап-қуўатлаймыз, Келешек ушын пактке исенимли садықлығымызды тастыйықлаймыз.
Биз заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў, раўажланып атырған мәмлекетлердиң мәплерин қорғаў мақсетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Қәўипсизлик Кеңесин трансформациялаў ҳәм оның қурамын кеңейтиў тәрепдарымыз.
Ҳүрметли сессия қатнасыўшылары!
Биз Турақлы раўажланыў мақсетлерине үнлес ҳалда, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық Жаңа Өзбекстанды қурыў сиясатын алып бармақтамыз. Буның ушын артқа қайтпайтуғын реформаларымызды избе-из даўам еттирип атырмыз.
Тийкарғы мақсетимиз – елимизде жасап атырған ҳәр бир шаңарақтың, ҳәр бир пуқараның турмысын түпкиликли өзгертиў, инсан қәдирин ҳәм абаданлығын арттырыў болып есапланады.
Соңғы жыллары Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежесин 35 проценттен 6,6 процентке шекем қысқартыўға еристик. Оған, бәринен бурын, билимлендириў ҳәм илим тараўын өзгертиў, инновациялық тармақлар ҳәм технологиялық санаат кәрханаларын қурыў, “жасыл” энергетика ҳәм транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, киши бизнести ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм нәтийжеде миллионлаған жумыс орынларын жаратыў арқалы ериспектемиз.
Мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 27 проценттен 78 процентке артты, жасларымыздың жоқары билимлендириўге қамтып алыныўы болса 9 проценттен 42 процентке жетти. Ең тийкарғысы – оқытыўшы ҳәм устазлық кәсибиниң абырайын ҳәм дәрежесин кескин арттырыўға шешиўши мәселе сыпатында қарамақтамыз.
Педагоглардың өз-ара тәжирийбе ҳәм билим алмасыўы ушын бирден-бир халықаралық платформаны жаратыў мақсетинде Өзбекстанда Пүткил жер жүзилик профессионал билимлендириў саммитин өткериўди усыныс етемиз.
Сондай-ақ, мәмлекетимизде алдынғы денсаўлықты сақлаў системасын жаратпақтамыз. Ертең Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бас резиденциясында бизиң басламамыз бенен балалар ракы ҳәм басқа да аўыр кеселликлерге қарсы гүресиўге бағышланған жоқары дәрежедеги илаж өткериледи. Оған барлық сырт елли шериклеримизди мирәт етемиз.
Және бир әҳмийетли бағдар – гендер сиясаты. Мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысы ҳәм исбилерменлик тараўында ҳаял-қызлардың ролин буннан былай да беккемлеўди мақсет еткенбиз. Кең регионымыз көлеминде болса Азия ҳаял-қызлар форумын турақлы платформаға айландырып, турақлы өткерип барыў тәрепдарымыз.
Және бир мәрте атап өтпекшимен: биз Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў жолында алған миннетлемелеримизге садықпыз. 2030-жылға барып “дәраматы орташадан жоқары” болған мәмлекетлер қатарына кириўди нийет еткенбиз.
Усы мақсетте ашық ҳәм прагматикалық сиясатымызды избе-из даўам еттиремиз.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Буннан 8 жыл бурын биз усы жоқары минберден турып, Орайлық Азияны тынышлық, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик мәканына айландырыўға қатаң қарар еткенимизди жәриялаған едик.
Бүгин терең қанаатланыўшылық пенен атап өтиў мүмкин: биз бул стратегиялық мақсетке еристик. Жабық шегаралар, шешилмеген бәсеки ҳәм тартыслар дәўири тарийхта қалды.
Кейинги жыллары регионымызда өз-ара саўда, инвестициялар ҳәм транспорт тасыўларының көлеми бес есеге шекем көбейди. Биз биргеликтеги инвестициялық қорлар, шегара аймақларында саўда ҳәм санаат зоналарын шөлкемлестирип атырмыз, ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырмақтамыз.
Орайлық Азия мәмлекет басшылары Мәсләҳәт ушырасыўлары регионаллық интеграцияны тереңлестириў жолында нәтийжели механизмге айланғанын да улыўма жетискенлигимиз сыпатында тән аламыз.
Соны беккем исеним менен айтыўым мүмкин, бүгинги күнде Жаңа Орайлық Азияны қәлиплестириў процеси басланды.
Регионымыз өзиниң аўызбиршилиги, турақлылығы, өзине тәнлиги менен халықаралық қатнасықлар системасында айрықша субект сыпатында барған сайын беккем орын ийелемекте.
Мақсетлеримизге ерисиў ушын барлық сырт елли шериклеримиз бенен өз-ара пайдалы байланысларды кеңейтиўге тийкарғы итибарды қаратамыз. Бул бағдарда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң структуралары менен регионымызда бир қатар жаңа жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыўды усыныс етемиз.
Соның ишинде, ЭКОСОС ҳәм ЮНКТАД қәўендерлигинде Орайлық Азия мәмлекетлериниң экономикалық раўажланыў мәселелерине бағышланған халықаралық форум өткериў, ЮНИДО менен санаатта “жасыл” технологиялар регионаллық хабын шөлкемлестириў, регионымызда суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, “жасыл” мәкан жаратыў ҳәм демографиялық турақлылыққа ерисиў бойынша бағдарламаларды қабыл етиў басламалары менен шығамыз.
Соның менен бирге, Бас Ассамблеяның Орайлық Азия мәмлекетлериниң регионаллық шериклик ҳәм экономикалық интеграцияны тереңлестириўге қаратылған ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаўға байланыслы резолюциясын қабыл етиўди усыныс етемиз.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Глобал ҳәм регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыў ҳаққында сөз еткенде, әлбетте, Аўғанстан ҳаққында тоқтамаў мүмкин емес.
Аўған халқының тыныш ҳәм татыў турмысқа болған умтылысын қоллап-қуўатлаў ушын халықаралық жәмийетшиликтиң ҳәрекетлерин бирлестириў зәрүр. Соны айрықша атап өтиўди қәлер едим, бул мәмлекеттиң жекеленип қалыўына жол қоймаў оғада әҳмийетли.
Биз Аўғанстанда үлкен экономикалық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырмақшымыз. Бул мәмлекет арқалы халықаралық транспорт ҳәм энергетика коридорларын раўажландырыў бойынша Шөлкемимиздиң айрықша резолюциясын қабыл етиўди усыныс етемиз.
Газа секторындағы барған сайын кескин төменлеп атырған гуманитарлық кризисти де итибардан шетте қалдырып болмайды. Әскерий ҳәрекетлерди тоқтатыў ҳәм сиясий сөйлесиўлерди даўам еттириўге шақырамыз. Биз БМШ резолюцияларына муўапық, “еки халық ушын – еки мәмлекет” принципин әмелге асырыўдың исенимли тәрепдарымыз.
Украина әтирапындағы жағдай да бәршемизди айрықша қәўетерге салмақта. Бул машқаланы дипломатиялық жоллар менен шешиў бойынша жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланғанын қоллап-қуўатлаймыз.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Орайлық Азияда Глобал антитеррор стратегиясын орынлаў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта. БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў басқармасы менен биргеликте Реабилитация ҳәм реинтеграция мәселелери бойынша Регионаллық Кеңес дүзилген. Биз оны Халықаралық компетенциялар орайына айландырыўды усыныс етемиз.
Бул структура машқалалы аймақлардан қайтарылған шахсларды тыныш турмысқа бейимлестириў бойынша тәжирийбе алмасыў ушын әҳмийетли платформа болып хызмет етеди.
Буннан тысқары, Терроризмге қарсы гүресиў басқармасының регионаллық офисин Өзбекстанда ашыў ушын зәрүр шараят жаратыўға таярмыз.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Бүгинги қәўип-қәтерлерге толы дүньяда глобал транспорт системасының қаншелли әззи екенине гүўа болмақтамыз. Бул машқалалар, биринши гезекте, теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлердиң турақлылығына унамсыз тәсир етпекте.
Халықаралық транзит коридорларының қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм нәтийжели логистика шынжырларын жаратыў оғада әҳмийетли. Бул бағдарда “Турақлы раўажланыў мақсетлери ушын өз-ара транспорт байланыслылығын беккемлеў” глобал механизмин енгизиў ўақты келди, деп есаплаймыз.
Сондай-ақ, барған сайын кескин түс алып атырған климат өзгериўи машқалаларына да айрықша тоқтап өтпекшимен. Соның ишинде, Арал теңизи қурыўының унамсыз ақыбетлери дүнья жәмийетшилигиниң турақлы дыққат орайында болыўы керек. Биз Аралбойы экосистемасын қайта тиклеў бойынша жумысларды избе-из даўам еттирип атырмыз.
Соңғы жыллары теңиздиң қурыған түбинде 2 миллион гектар майданда шорға шыдамлы шөл өсимликлери егилди. 2030-жылға шекем бул аймақтың 80 процент бөлегинде жасыл қапламалар жаратылады.
Және бир әҳмийетли машқала – бул суў ресурсларының жетиспеўшилиги болып табылады. Ҳәзирги ўақытта дүнья халқының еки миллиардтан асламы таза ишимлик суўынан пайдаланыў имканиятына ийе емес.
Биз мәмлекетимизде Суўды үнемлеў бойынша пүткил жер жүзилик форумды өткериўди режелестиргенбиз. Бул әнжуман жуўмақлары бойынша суў кризисин турақлы раўажланыў ушын үлкен қәўип сыпатында белгилеў мөлшерленбекте. Бул бағдарда глобал дәрежеде инновациялық технологияларды енгизиў ушын өз алдына “жол картасы”н қабыл етиў ниетиндемиз.
Экологиялық өзгерислердиң және бир унамсыз көриниси – климат миграциясының күшейип баратырғаны болып есапланады. Тилекке қарсы, бул бағдарда анық халықаралық механизмлер ҳәм ҳуқықый база елеге шекем жаратылмаған. Биз бул әҳмийетли мәселеде кең халықаралық шериклик ҳәм муўапықластырылған сиясат жүргизиў бойынша Глобал пакт қабыл етиў тәрепдарымыз.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Мәмлекетлер арасында санлы раўажланыў ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланыўда теңсизликтиң алдын алыў жүдә үлкен әҳмийетке ийе.
Денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында жасалма интеллекттиң әмелий шешимлери ҳәм моделлерин бийғәрез алмасыўға қаратылған Халықаралық бирге ислесиў механизмин жаратыўды усыныс етемиз.
Және бир әҳмийетли мәселеге айрықша тоқтап өтпекшимен.
Ертеңги күнимиз, дүньяның тәғдири ҳәм абаданлығы өсип киятырған жас әўладтың қолында. Жасларымыздың қәлби ҳәм санасына тынышлық, гуманизм ҳәм дослық, өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет сыяқлы ийгиликли идеяларды сиңдириў әҳмийетли ўазыйпамыз болып табылады.
Бул бағдарда Жәҳән жасларының тынышлыққа қарай ҳәрекетин шөлкемлестириў ҳәм оның резиденциясын Өзбекстанда жайластырыў усынысын алға қоямыз. Биз жәмийетимиздеги кеңпейиллик сиясатын избе-из әмелге асырмақтамыз.
Соның менен бирге, ислам ағартыўшылығы идеяларын терең үйрениў ҳәм дүньяға үгит-нәсиятлаў бойынша ҳәрекетлеримизди жедел даўам еттиремиз. Жақын айларда кең регионымыз ушын бийбаҳа болған Ислам цивилизациясы орайын ашамыз.
Уллы бабаларымыз – ойшыл илимпазлар Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матуридийдиң бай руўхый ҳәм илимий мийрасының айрықша презентациясын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде өткериў нийетиндемиз.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Жаңа Өзбекстан барлық мәмлекетлер менен өз-ара аўызбиршилик, ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм жақын шериклик тәрепдары болып есапланады. Биз халықлар, мәдениятлар ҳәм цивилизациялар арасындағы қарым-қатнасты беккемлеў, улыўма инсаныйлық мақсетлерди жүзеге шығарыў жолында өз үлесимизди қосыўға бәрқулла таярмыз.
Итибарыңыз ушын рахмет.