Мектеп ремонты ушын пул жыйнаў мүмкин бе?

99

Ҳуқықый қатнас

Перзенти мектепке баратуғын ҳәр бир ата-анаға ҳәр қыйлы пул жыйымлары мәселеси жүдә жақсы таныс. Мәмлекетлик мектеплерде бийпул билим алыў конституциялық ҳуқық есапланатуғын бир ўақытта, оңлаў ямаса басқа көрсетилген себеплер ушын пул жыйымларын жыйнаў мүмкин бе?

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Имомали Туев бул бойынша төмендегише түсиник берди:

– “Улыўма орта билим бериў мәкемесиниң бақлаў кеңеси ҳаққында”ғы үлги режениң 31-бәнтине бола, билимлендириў мәкемесинде оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналарынан ҳәр қыйлы себеплер менен Кеңес ағзалары, билимлендириў мәкемесиниң басшысы ҳәм басқа да хызметкерлери тәрепинен пул қаржыларын жыйнаў қатаң қадаған етиледи.

Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланған “Улыўма билим бериў мектеби ҳаққында”ғы режеге бола, мәмлекетлик улыўма билим бериў мәкемелериниң жумысын қаржыландырыў төмендеги дәреклер есабынан әмелге асырылады.

Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларынан, улыўма билим бериў мәкемесиниң исбилерменлик жумысынан, нызамшылықта қадаған етилмеген шәртнама тийкарында төлемли хызмет көрсетиў, имарат ҳәм объектлерди, әсбап-үскенелерди ижараға бериўден алынған дәраматлардан болып есапланады.

Сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң нызам менен қадаған етилмеген қәўендерлик қайырқомлықлары, жергиликли ҳәм халықаралық шөлкемлердиң грантлары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклерден әмелге асырылады.

Демек, мектеплерде ремонт ушын пул жыйнаў қадаған етиледи.

Бирақ физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң нызам менен қадаған етилмеген қәўендерлик ҳәм қайырқомлықлары буған кирмейди. Еслетип өтемиз, қәўендерлик ҳәм қайырқомлық ықтыярлы болыўы керек.

Гулноза Бобоева,

ӨзА