Өзбекстан парламенти делегациясы Орайлық Азия мәмлекетлериниң III парламентлераралық форумында қатнасады

97

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан парламенти делегациясы “Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлери: регионды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша нәтийжели шешимлер” атамасындағы Орайлық Азия мәмлекетлериниң III парламентлераралық форумында қатнасыў ушын Бишкек қаласына жетип келди.

Форумның мақсети Орайлық Азия мәмлекетлериниң турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў, миграция процесслерин тәртипке салыў ҳәм санлы орталықты раўажландырыў бағдарында парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеўден ибарат.

III парламентлераралық форум даўамында “Миграция ҳәм мийнет ағымлары: пуқаралардың ҳуқықларын нызамлы тәмийинлеў ҳәм экономикалық турақлылық,” “Орайлық Азия мәмлекетлеринде инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм экономиканың ашық-айдынлығын арттырыў бойынша нызамшылық илажлары,” “Парламентлер ҳәм санлы суверенитет: киберқәўипсизлик, санлы орталықты ҳуқықый тәртипке салыў” сыяқлы темалардың додаланыўы нәзерде тутылған.

Форум шеңберинде Сенат Баслығы Танзила Норбоеваның парламентлер ўәкиллери менен регионаллық бирге ислесиў, парламент дипломатиясы ҳәм биргеликтеги басламаларды қоллап-қуўатлаўдың әҳмийетли мәселелерин додалаў ушын бир қатар еки тәреплеме ушырасыўларының өткерилиўи де режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги