Жумысшы топар тарийхый естеликлердиң бүгинги күндеги жағдайы менен танысты

172

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының ағзалары, партияның Орайлық Кеңеси ўәкиллери, жергиликли кеңслерге партиядан сайланған депутатлар, партияның Қарақалпақстан Республикасы кеңеси хызметкерлери ҳәм мәдений мийрас объектлери бойынша қәнигелерден ибарат жумысшы топар Әмиўдәрья районында жайласқан Шылпық археологиялық естелигиниң бүгинги күндеги жағдайы, туристлик инфраструктурасы, кадастр ҳүжжетлери менен танысты.

-Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының 2025-жылға мөлшерленген ис-режесинде дизимге алынбаған мәдений мийрас объектлерин анықлаў, жоғалып кетиў ямаса бузылыўының алдын алыў, мәмлекетлик қәўипсизлигин күшейтиў, мәмлекет ямаса ЮНЕСКО дизимине киргизиў илажларын көриў бойынша усыныслар ислеп шығыў, үйрениўлер алып барыў ҳәм оның нәтийжелеринен келип шыққан ҳалда турақлы комиссияларға, кеңес сессияларына усыныслар киргизиў, депутат сораўларын таярлаў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленген, -дейди “Миллий тикланиш” партиясы ҚР кеңеси баслығы, Жоқарғы Кеңес депутаты Тажибай Романов. – Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Шылпық археологиялық естелигине келдик.

Республикамызда бүгинги күнде 299 материаллық мәдений мийрас объектлери мәмлекетлик қорғаўға алынған. Соннан 131и археологиялық, 24и архитектуралық, 99ы монументлик естеликлер ҳәм 45и дыққатқа ылайықлы объектлер болып табылады. Атап айтқанда, Әмиўдәрья районының Қыпшақ аўылында жайласқан Шылпық естелиги дийўалларының бийиклиги 15 метрге жетеди. Естелик ылайдан исленген ҳәр бири 0,8-1,05 метрлик блоклардан ибарат. Дийўаллардың жоқарысы 2-3 метр, ал, төменги тәрепиниң қалыңлығы 4,8-5,5 метрге жетеди. Сыртқы дийўаллар 80 градусқа қыялап жайластырылған.

Үйрениўлер даўамында археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў жағдайларын және де жетилистириў мәселелери бойынша депутатлар тәрепинен усыныслар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги