Айырым автомобильлер ушын экологиялық сертификатлаў тәртиби бийкар етилди
115

Транспорт қуралларын экологиялық сертификатлаў тәртибине өзгерис киргизилди.
Министрлер Кабинетиниң усы жыл 19-сентябрьдеги 597-санлы қарары менен республикаға алып кирилип атырған дөңгелекли транспорт қуралларының экологиялық категория талапларына муўапықлығын баҳалаў системасы жетилистирилди.

Қарарға бола:
- М ҳәм N категориядағы жаңа транспорт қуралларының экологиялық категория талапларына муўапықлығын экологиялық сертификатлаў тәртиби бийкар етилди;
- Бундай транспорт қураллары енди 2017-жыл 25-апрельдеги 237-санлы қарар менен тастыйықланған улыўма техникалық регламент талаплары тийкарында баҳаланады ҳәм транспорт қуралының түрин мақуллаў ҳәм муўапықлық сертификатларында сәўлелендириледи;
- Электр двигатель менен үскенеленген дөңгелекли транспорт қураллары да айрықша экологиялық категория талапларына муўапық баҳаланбайды.
Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоровқа ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң директоры Акмал Жуманазаровқа жүкленди.
М.Эшмирзаева, ӨзА