Балалар саламатлығы мәмлекет қорғаўында

147

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жылларда халықтың саламатлығын қорғаўды буннан былай да күшейтиў ҳаққында»ғы ПҚ-310-санлы қарарына муўапық,  Хожели районында 80 орынлық Балалар фтизиатрия санаториясы шөлкемлестирилди.

Бул жерде емлениўшилерге шыпакерлер тәрепинен медициналық тексериўлер өз ўақтында өткерилип, зәрүр дәри-дәрмақлар ҳәм керекли емлеўлер диагноз тийкарында өз ўақтында толық әмелге асырылмақта. Қосымша кеселликлерди емлеўде витаминлер, зәрүр болғанда антибиотиклер ҳәм физиотерапия буйырылады. Буннан тысқары санаторияда рентген, лаборатория, стоматология ханалары бар.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын Қарақалпақстан Республикасы балалар фтизиатрия санаториясында пресс-тур шөлкемлестирилди.

Әнжуманда санаторияның бас шыпакер Генжемурат Бабажанов бул жердиң бурынғы ҳәм ҳәзирги турмысы, жумыс алып барыў тәртиби ҳәм балалар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан таныстырып, журналистлерге кең түрде мағлыўматлар берди.

-Қарақалпақстан Республикасы балалар фтизиатрия санаториясы 4 жастан 18 жасқа шекемги туберкулездиң актив ҳәм сөниўши формалары менен кеселленген балаларға мөлшерленген болып, балалардың емлениў мүддети кеселликтиң диагнозы ҳәм фазаларына байланыслы. Санаторияда балалар бөлим шыпакерлериниң көрсетпелери тийкарында, белгиленген меню бойынша 5 мезгил аўқатланады,-дейди  бас шыпакери Генжемурат  Бабажанов.-Меню талаплары Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 1993-жылғы 122-санлы буйрығы тийкарында дүзилип, ҳәр шеректе районлық санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў орайы тәрепинен азық-аўқатлардың калориялық, химиялық қурамы тексерип барылады.

Санаторияға емлениў ушын балалар Республикалық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайы, районлық ҳәм қалалық туберкулёзге қарсы диспансерлери, кабинетлер шыпакерлериниң жолламасы менен келеди.

Илажда атап өтилиўинше, санаторияда 2024-жыл даўамында 514 бала, 2025-жылдың 8 айында 443 бала саламатландырылған. Балалар ушын ҳәр бир қабатта ҳәжетхана, жуўыныў, шешиниў ҳәм душ қабыл етиў, қызлар ушын гигиена ханалары бар. Балалардың оқыўдан бос ўақытларында дем алыўы ушын ҳәр бир қабатта телевизорлар, музлатқышлар ислеп тур. «Меҳрибан инсанлар» қоры тәрепинен балалардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўине дем алыў ҳәм ойнаў ушын хана шөлкемлестирилген.

Санаторияда емлениў менен бир қатарда балаларға улыўма билим бериў де жолға қойылған.

Мектепте 1-класстан 11-классқа шекем барлық пәнлер бойынша кабинетлер керекли әнжамлар менен үскенеленген. Онда 24 муғаллим ҳәм 4 тәрбияшы жумыс алып барады. Балалардың оқыў ҳәм сабақтан бос ўақытларынан мазмунлы өткериўи ушын мектепте ҳәр қыйлы пән дөгереклери менен биргеликте көркем-ҳәўескерлик дөгереги жумыс алып барады.

Оқыўшылар санаторияда өткерилетуғын барлық байрам концерт бағдарламаларында белсене қатнасып, дем алыс ўақытлары қала бойлап экскурсия ҳәм театрларга алып барылады.

Илажда журналистлер тәрепинен санаторияның жуўапкер басшыларына бир қатар сораўлар берилип, оларға тийисли жуўап алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы