IT Парк резидентлери ушын жаңа төлем ҳәм реклама хызметлери системасы енгизиледи

95

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Республиканың аймақлары, тараў ҳәм тармақларында санлы технологияларды енгизиўди және де жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық, 2026-жыл 1-январьдан баслап, IT Парк резидентлери ушын жаңа нызамшылық нормативлери енгизиледи. Бул ҳүжжетлер әсиресе, реклама хызметлери ҳәм программалық тәмийнаттан пайдаланыўға болған жазылыўларға байланыслы болып, оларға жаңа жеңилликлер ҳәм миннетлемелер береди. Жаңа тәртип-қағыйдалар, өз гезегинде, IT Парк резидентлериниң халықаралық саўда ҳәм инвестиция тараўындағы жумысларын жақсылаў, олар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм сырт ел бирге ислесиўин раўажландырыўға қаратылған. Онда төлемлер экспорт түсимлери шеңберинде болыўы ҳәм 500 мың АҚШ долларынан көп болмаўы керек.

Бул шеклеўлер, өз гезегинде, IT Парк резидентлерине халықаралық хызметлер ҳәм өнимлер ушын аңсат ҳәм тез төлемлерди әмелге асырыў имканиятын береди, бирақ бул процессти қадағалаў ушын белгили шеклеўлер де белгиленген. Халықаралық төлемлер, әсиресе, жоқары муғдарда әмелге асырылып атырған ҳәрекетлер ушын қосымша қадағалаўды тәмийинлейди.

Ендигиден былай, реклама инвестицияларды тартыў, санаатты раўажландырыў ҳәм саўданы тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясы тәрепинен тастыйықланған дизимге киргизилген 100 миллионнан аслам аудиторияға ийе мәлимлеме ресурслары ҳәм системаларында (соның ишинде, веб-сайтлар, платформалараралық ресурслар, мессенджерлер ҳәм социаллық тармақлар) жайластырылыўы талап етиледи.

Реклама хызметлери ҳәм программалық тәмийнаттан пайдаланыўға жазылыў бойынша ғалабалық оферта ҳәм инвойслер, сондай-ақ, төлемлер ҳаққындағы мағлыўматлар “E-contrast” сыртқы саўда мәлимлеме системасына киргизиледи.

Улыўма суммасы 5 мың АҚШ долларына шекемги ғалабалық оферта, инвойс ҳәм төлемлер ҳаққындағы мағлыўматлар “E-contrast” сыртқы саўда мәлимлеме системасына киргизилиўи талап етилмейди ҳәм бул қәрежетлер дебиторлық қарыз сыпатында есапқа алынбайды.

Сондай-ақ, жаратқан программалық өними ушын жазылыўы ушын сырт мәмлекетлерден келип түсетуғын төлемлерди “E-contrast” сыртқы саўда мәлимлеме системасына киргизбеген ҳалда ғалабалық оферта арқалы қабыл етиў мүмкин болады.

2026-жыл 1-январьдан баслап әмелге асырылатуғын жаңа нызамшылық жаңалықлары, IТ Парк резидентлерине өз жумысларын глобал көлемде кеңейтиў ҳәм халықаралық төлем системалары арқалы ислеў имканиятын береди. Бул өзгерислер, сондай-ақ, реклама ҳәм программалық тәмийнат хызметлерин және де оптималластырады, ҳүкимет тәрепинен қойылған шеклеўлер болса ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм экономикалық жумысты және де нәтийжели етиўге қаратылған. Сондай-ақ, бул өзгерислер киши ҳәм орта бизнес ушын жаңа имканиятлар жаратыўы мүмкин, әсиресе, халықаралық базарға шығыў ушын қолайлықлар усынады.

Дилдора ДУСМАТОВА.

ӨзА