Инсан қәдирин улығлаў арқалы халқымызға мүнәсип шараят жаратыў реформаларымыздыӊ тийкары

66

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-17-сентябрь күнлери Наманган ўәлаятында болды.

Еки күнлик сапар даўамында санаат, аўыл хожалығы, энергетика ҳәм социаллық тараўда иске қосылған жаңа объектлер менен танысты. Ўәлаятты комплексли раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы 17-сентябрь күни “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” III халықаралық форумының ашылыў мәресиминде қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Президент Шавкат Мирзиёев дүньяда бақланып атырған геосиясий, экономикалық ҳәм социаллық турақсызлық, климат өзгерислери тәсиринде глобал экономикалық өсиў төменлегени, ақыбетинде кәмбағал халық санының артқанына итибар қаратты. Бул жағдай барлық мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер, улыўма, дүнья жәмийетшилиги алдына жаңа ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды қойып атырғаны атап өтилди.

Усындай қыйын дәўирде Өзбекстанда кәмбағаллыққа қарсы гүресиў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Барлық ҳәрекетлер ҳәр бир инсан, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызларға өз потенциалын толық көрсетиўи ушын шараят жаратыў ҳәм имканиятларын кеңейтиўге қаратылды.

Жаңаланған Конституциямызда пенсиялар, напақалар ҳәм социаллық жәрдем муғдарлары ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болмаўы белгилеп қойылды.

Избе-из реформалар себепли 7,5 миллион халық кәмбағаллықтан шығарылып, 2024-жылы бул көрсеткиш 8,9 процентке түсирилди. Жылдың ақырына шекем кәмбағаллық дәрежесин 6 процентке шекем азайтыў мақсет етилген. Өткен дәўирде мәмлекетимиздиң экономикасы 2 есеге өскени бунда әҳмийетли фактор болды. Усы жылдың жуўмағы менен халықтың жан басына дәрамат 3,5 мың долларға жетиўи күтилмекте.

Жаңа баслама ҳәм тәжирийбелерди сынақтан өткерип, дүньядағы унамлы жетискенликлерди үйренип, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Жаңа Өзбекстан модели жаратылды.

Бәринен бурын, мәнзилли социаллық дәптерлер енгизилип, барлық жәрдемге мүтәж шаңарақлар қамтып алынды. Пандемия дәўиринде бийпул дәри-дәрмақ, социаллық напақалар ушын жәми 8 миллиард долларлық қаржы ҳәм жеңилликлер берилди. Нәтийжеде 5 миллион 200 мың пуқараның “кәмбағаллық қақпаны”на түсип қалыўы ҳәм экономикалық рецессияның алды алынды.

Жәмийеттиң ең төменги буўынына түсип, “мәҳәлле кесиминде” ислесиў системасы жолға қойылды. Ҳәр бир үй, ҳәр бир шаңарақ пенен индивидуал реже тийкарында ислесип, дәраматын арттырыў ушын жетерли ресурс ажыратылды.

Мәҳәллелерди абат етиў, адамлардың турмысын жақсылаў ҳәм исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыўға ҳәр жылы 2,5-3 миллиард доллар қаратылмақта.

Аўыл халқын дәраматлы етиў ушын 235 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданы қысқартылып, адамларға 30-50 сотихтан ажыратып берилди. Бул 800 мың халықтың дәраматын арттырыўда әҳмийетли қәдем болды.

– Бундай кең көлемли ҳәрекетлеримиз есабынан Өзбекстан 2030-жылға шекем кәмбағаллықты еки есеге қысқартыў бойынша алған миннетлемесин ўақтынан бурын орынлаўға ҳәрекет етпекте. Усыларды есапқа алып, бүгин жаңа, және де жоқары шеклерди белгилеп алыўға таярмыз. 2030-жылға барып, халықаралық нормаларға бола, Өзбекстанда абсолют кәмбағаллықты толық сапластырыўға барлық имканиятымыз бар ҳәм биз оны әлбетте иске асырамыз, – деди Президентимиз.

Мәмлекетимиз басшысы “Кәмбағаллықтан – абаданлыққа қарай” бағдарламасының мазмун-мәнисине де тоқтап өтти. Бул бағдарлама жети тийкарғы бағдарды қамтып алған.

Бәринен бурын, кәмбағал халықты тек ғана жумысқа жайластырыў емес, ал турақлы жумыс орынларын көбейтип, адамлар турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўы ушын шараят жаратылмақта.

Жедел инвестициялық сиясат себепли усы жылдың өзинде 35 миллиард доллар инвестиция есабынан 9 мыңнан аслам жаңа кәрхана, 300 мыңға шамалас жоқары дәраматлы жумыс орны шөлкемлестирилмекте.

Мәмлекет бизнеске шараят жаратып бермекте, исбилерменлер болса өзине социаллық жуўапкершилик алып, мүтәж халықты жумыслы ҳәм дәраматлы етиўде жәрдем бермекте. Усындай нәтийжели бирге ислесиў себепли усы жылдың өзинде 270 мыңнан аслам кәмбағал шаңарақ ағзасы турақлы жумыслы болды.

Екиншиден, сапалы билимлендириў тийкарында инсан капиталын раўажландырыў, узақ мүддетли келешекте кәмбағаллықты қысқартыўдың тийкарғы “драйвери” болып қалады.

Атап айтқанда, кәмбағал шаңарақ балаларын мектепке шекемги билимлендириў менен толық қамтып алыў ушын барлық шараят жаратылады. Бундай шаңарақлардың перзентлери ушын шет тили ҳәм кәсип-өнер үйрениўге кететуғын қәрежетлердиң 80 проценти қаплап бериледи.

Кейинги бес жылда 800 мыңнан аслам халық заманагөй кәсиплерге оқытылып, жоқары дәраматлы жумысларға жайластырылған. Енди Кәсипке таярлаў халықаралық орайлары шөлкемлестирилип, олардың питкериўшилерине сырт елде тән алынатуғын сертификатлар бериў жолға қойылады.

Үшиншиден, ҳаял-қызларды жәмийеттиң белсенди ағзасына айландырыў айрықша итибарда болады. Сонлықтан, студент қызларға процентсиз кредит ажыратыў, магистратурада бийпул билим алыў имканияты жаратылды. Бүгин студентлердиң 53 процентин ҳаял-қызлар қурамақта. Усы жылдың өзинде 1 миллион 700 мың ҳаял-қыз жумыслы болған.

Буны даўам еттирип, “Санлы әўлад қызлары” бағдарламасы шеңберинде 50 мың қызлар мәлимлеме технологиялары, финтех ҳәм жасалма интеллектке оқытылады.

Быйыл ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын 1,5 миллиард доллар ажыратылды. Келеси жылы және 2 миллион ҳаялды турақлы дәраматлы етиў илажлары көриледи.

Төртиншиден, инсан саламатлығы қорғалып, оның имканиятлары толық жүзеге шығарылмақта. Соның ишинде, 140 мың кәмбағал шаңараққа шыпакер бириктирилип, олар жылына бир мәрте толық медициналық тексериўден өткерилмекте.

Енди кепилленген медициналық хызметлер көбейтилип, кәмбағал шаңарақлардың оған жумсайтуғын қәрежети 2 есеге қысқартылады. Онда оларға бийпул дәри ҳәм кепилленген медициналық хызметлер пакети бериледи.

Бесиншиден, социаллық қорғаўға мүтәж халық пенен мәнзилли ислесиў жолға қойылды. Бул система түп-тийкарынан реформаланып, Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилди. Ҳәр бир район ҳәм қалада 100 ден аслам социаллық хызметлерди “бир айна” принципи тийкарында көрсететуғын “Инсан” орайлары ашылды. Ҳәр бир мәҳәлледе социаллық хызметкер халық пенен проактив ислемекте.

Усы жылдың өзинде 2 миллион 700 мың халыққа социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетилди. Әсиресе, кәмбағал шаңарақлардың күтимге мүтәж ағзаларына жаңа социаллық хызметлердиң жолға қойылғаны 50 мың мийнетке жарамлы халық ушын жумыс ислеў имканиятын жаратты.

Социаллық хызметлердиң сапасын ҳәм қамтып алыўын арттырыў мақсетинде Жәҳән банки менен 100 миллион долларлық жойбар иске қосылды. Имканияты шекленген балаларды мектеп ҳәм кәсиплик билимлендириў менен қамтып алыў ушын өз алдына бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Алтыншыдан, аймақларда инфраструктураны жақсылаў, адамларға жасаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў – көп өлшемли кәмбағаллықты қысқартыўда әҳмийетли қәдем болады.

Усы мақсетте дерлик 3,5 миллион халық жасайтуғын шараяты аўыр мың мәҳәлледе инфраструктура жақсыланбақта. Келеси жылы мәҳәллелерде инфраструктураны жақсылаў, жумыс орынларын көбейтиў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға және 400 миллион доллар ажыратылады. Онда 32 район ҳәм 328 аўыр мәҳәлле таңлап алынып, оларды раўажландырыў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етиледи.

Сондай-ақ, 810 мәҳәлледе суў, канализация, жол, мектеп ҳәм бақша қурыў бойынша 1,3 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылады.

Турақ жайға мүтәж ҳәм дәраматы төмен халыққа ипотека системасынан пайдаланыў ушын ҳәр жылы 200 миллион доллар субсидия ажыратылады.

Жетиншиден, мәмлекетлик қәрежетлердиң 70 проценттен асламы әйне Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын жумсалмақта.

Соның менен бирге, глобал көлемде Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын раўажланып атырған мәмлекетлерге жылына 4 триллион доллардан аслам қаржы зәрүр.

Бундай шараятта қәўип-қәтерлерди объектив баҳалаў, финанслық ресурсларды тартыў, олардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша “кәмбағаллыққа қарсы гүресиўдиң жаңа финанслық архитектурасы”на зәрүрлик сезилмекте.

Бул мәселелерге шешим табыў мақсетинде 2026-жылы Хийўа қаласында халықаралық финанс институтлары, донор шөлкемлер ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлердиң қатнасыўында конференция өткериледи.

Форумда Ислам раўажланыў банкиниң президенти Муҳаммад ал-Жассир, Азия раўажланыў банкиниң вице-президенти Ингминг Янг, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң бас вице-президенти Сачико Имото, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Каха Имнадзе, Жәҳән банкиниң кәмбағаллықты қысқартыў бойынша глобал директоры Луис Фелипе Лопес-Калва қатнасты. Улыўма, әнжуманда 200 ге шамалас халықаралық экспертлер қатнасты.

Илаж шеңбериндеги сессияларда кәмбағаллықты қысқартыўда базар талаплары, ислам финансының имканиятлары, бизнес инклюзивлиги, инсан капиталына инвестиция темасында инновациялық қатнаслар додаланды.

Халықаралық форум шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Ислам раўажланыў банкиниң президенти Муҳаммад бин Сулайман ал-Жассир менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыў алдынан усы абырайлы халықаралық финанслық шөлкемниң басшысы форумның табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлап, ИРБ Өзбекстанда кәмбағаллықты буннан былай да қысқартыў бағдарындағы ўазыйпаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екенин атап өтти.

Мәмлекетимизде артқа қайтпайтуғын түрге енген реформалар стратегиясын әмелге асырыўға жәрдемлесиў мақсетинде Банк топары менен кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.

Кейинги жыллары ИРБ менен шериклик жедел раўажланып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Биргеликтеги жойбарлар портфели 5 миллиард доллардан артып, бүгинги күнде транспорт, инфраструктура, турақ жай қурылысы, энергетика, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў сыяқлы тийкарғы тараўларды қамтып алған. Соның менен бирге, инвестициялардың 40 проценттен асламы жеке меншик секторға туўра келеди.

Мәмлекетимиз басшысы ИРБ менен жойбарлар портфелин еки есеге көбейтиў, инфраструктура, социаллық тараў ҳәм жеке меншик сектор жойбарларын қаржыландырыў көлемин арттырыўды нәзерде тутатуғын узақ мүддетли Стратегиялық шериклик бағдарламасын қабыл етиў басламасын алға қойды.

Жеке меншик бизнес потенциалын жүзеге шығарыў, мәмлекетимиз аймақларында заманагөй медицина орайларын қурыў, автомобиль жолларын модернизациялаў, ирригация каналларын тиклеў ҳәм бетонлаў және басқа да бағдарларда анық жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Жәҳән банкиниң глобал директоры Луис Фелипе Лопес-Калваны қабыллады.

Сөйлесиўлер алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Жәҳән банки топарының президенти Ажай Банганың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди ҳәм “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” халықаралық форумы табыслы шөлкемлестирилгени менен қутлықлады.

Жәҳән банки менен стратегиялық шерикликти, бәринен бурын, Турақлы раўажланыўдың биринши мақсети болған кәмбағаллыққа қарсы гүресиў тараўында және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Бул глобал финанслық институт пенен әмелий бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекетлик бағдарлама табыслы әмелге асырылмақта. Өзбекстан банктиң макроаймақтағы жетекши шериклеринен бири болып есапланады. Жойбарлар портфели 14 миллиард доллардан артты.

Жәҳән банкиниң белсене жәрдеминде кәмбағаллық дәрежесин анықлаў методологиясы ислеп шығылды. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда кәмбағаллық ҳәм теңлик көрсеткишлери биргеликте диагностика етилмекте.

“Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ушын жумыс орынларын жаратыў, қала ҳәм аўыллардың социаллық инфраструктурасын модернизациялаў, туризмди раўажландырыў бойынша әмелий илажларды өз ишине алған биргеликтеги жойбарды таярлаў усыныс етилди.

Жеке меншик сектор жойбарларын алға қойыў, орта мүддетли раўажланыў бағдарламаларын ислеп шығыў, халықты дизимге алыў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларға айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Азия раўажланыў банкиниң вице-президенти Ингминг Янгты да қабыллады.

Ушырасыў алдынан вице-президент Ингминг Янг мәмлекетимиз басшысына Азия раўажланыў банки басшысы Масато Каннаданың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди ҳәм форумның табыслы өткерилгени менен қутлықлады.

Жаңа Өзбекстанда артқа қайтпайтуғын түрге енген реформалар стратегиясын әмелге асырыў шеңберинде бул жетекши халықаралық финанслық институт пенен бирге ислесиўди тереңлестириўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.

Кейинги жылларда бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бүгинги күнде “жасыл” энергетика, транспорт, санлы трансформация, билимлендириў ҳәм басқа да бағдарлардағы жойбарлар портфели 14 миллиард долларды қурамақта.

Мәмлекетимиз жетекшиси АРБ менен инфраструктура, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, бизнес, социаллық тараў ҳәм капитал базарын раўажландырыў бойынша жаңа жойбарларды өз ишине алған кең көлемли стратегиялық шериклик бағдарламасын таярлаў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, әҳмийетли минералларды қайта ислеў, бюджетти қоллап-қуўатлаў, биргеликтеги инвестициялық платформаны жаратыў бойынша жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, банк Басқарыўшылар кеңесиниң жыллық мәжилисине таярлық көриў ҳәм оны келеси жылы Өзбекстанда өткериў илажлары додаланды.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Тўрақорған районындағы “Ифтихор кийим саноат” кластериниң жаңа кәрханасының жумысы менен танысты.

Наманган тоқымашылық бойынша мәмлекетимизде жетекши. Ўәлаят санаатының үштен бир бөлеги, экспортының ярымы усы тараўға туўра келеди. Бүгинги күнде 2 мың 500 ге шамалас тоқымашылық кәрханалары жумыс алып бармақта.

Олар 250 ге шамалас брендлер астында өним таярлап, жүз мыңнан аслам адамды жоқары дәрамат пенен тәмийинлемекте.

Санааттың раўажланыўына қосымша шараят жаратыў мақсетинде “Наманган” еркин экономикалық зонасы Тўрақўрғон районына кеңейтилген еди. Жигирмаға шамалас жойбарлар қатарында бул жерде “Ифтихор кийим саноат” кластериниң жаңа кәрханасы да қурылды.

13-август күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы тоқымашылық кәрханаларының ири брендлер менен бирге ислесиў мәселесине айрықша итибар берген еди. “Ифтихор кийим саноат”да усындай система жолға қойылған. Бул жерде “Bugatti”, “Pierre Cardin”, “Roy Robson”, “Baldessarini”, “Lavard”, “Jake’S”, “Engbers”, “Cinque”, “Walbusch” сыяқлы белгили брендлердиӊ буйыртпалары бойынша өним таярланбақта. Наманганда тигилген кийимлер Европа дүканларында сатылмақта.

Буннан тысқары, “Mercedes-Benz”, “BMW”, “Rolls-Royce” сыяқлы автомобильлер ушын отырғыш материаллары да ислеп шығарылмақта. Бул бағдарда ол регионымызда бирден-бир кәрхана есапланады. Улыўма, кәрхана жигирмаға шамалас сырт ел брендлери менен биргеликте жумыс алып бармақта.

Жаңа жойбардың улыўма баҳасы 198 миллион доллар болып, қаржылар тийкарынан қурылыс жумыслары ҳәм алдынғы технологияларды тартыўға қаратылды. Заманагөй имаратлар қурылды, арнаўлы лаборатория шөлкемлестирилди. Германия, Италия, Түркия ҳәм Польша сыяқлы тоқымашылықта жетекши мәмлекетлерден алып келинген энергия үнемлеўши үскенелер жумыс өнимдарлығын арттырды. Кәрханадағы заманагөй лаборатория сапа қадағалаўын тәмийинлеў ҳәм абырайлы брендлердиң исенимине ерисиўде әҳмийетли орын ийелемекте.

Дәслеп әпиўайы тигиўшилик цехы сыпатында жумыс баслаған “Ифтихор кийим саноат” бүгин пахта жетистириўден баслап, таяр өнимди экспортқа бағдарлап атырған ири кластерге айланды. Сапа бойынша қатаң талаплар оны халықаралық базарға алып шықты.

Президент кәрханадағы жумыс процеси менен танысты, хызметкерлер менен сәўбетлести.

Кәрхана толық қуўатлылыққа шыққаннан соң, жылына 100 миллион долларлық өним ислеп шығарады. Бул арқалы 2 мың жаңа жумыс орны жаратылады, мәмлекетлик бюджетке болса жылына салмақлы салық түсимлери қосылады. Халықаралық брендлер менен бирге ислесиў өнимге кепилликли базар, үлкен валюта түсимлери ҳәм жаңа жумыс орынларын тәмийинлейди.

Бул жерге Наманганда өтип атырған “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” халықаралық форумының сырт елли мийманлары да келди. Миллий ҳәм сырт ел брендлери ушын тигилген таяр кийимлер, сондай-ақ, азық-аўқат, былғары, қурылыс материаллары, фармацевтика тармақларындағы өнимлер көргизбеси қойылды.

Өзбекстанда бизнес ушын жаратылған шараятлар, миллий өнимлеримиздиң түри ҳәм сапасы мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Усы жерде мәмлекетимиз басшысына Наманган ўәлаятында сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди. Атап айтқанда, қала қурылысы, тоқымашылық, қурылыс материаллары, электротехника, туризм, аўыл хожалығы ҳәм химия санааты сыяқлы бағдарларда 252 ири жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген.

Жуўапкерлерге инвестор ҳәм исбилерменлер ушын барлық қолайлықларды жаратып, жойбарларды жеделлестириў, көбирек жумыс орынларын жаратып, халықтың дәраматын арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наманган ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

Абдулазиз РУСТАМОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары