ЕҚБШ менен жаслардың ҳуқықый билимин арттырыўға қаратылған биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылады

112

Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң (ЕҚБШ) Өзбекстандағы жойбарлар координаторы Антти Карттунен Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары менен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында А.Карттунен ЕҚБШның Өзбекстандағы жумысының тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, билимлендириў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў тараўларындағы жойбарлар ҳаққында айтып берди.

Жаслар парламентиниң баслығы Лайло Аслонова структураның тийкарғы ўазыйпалары, мақсети ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыс бағдарлары ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Ушырасыў шеңберинде тәреплер медиа саўатлылықты арттырыў, билимлендириў системасында инновациялық қатнасларды енгизиў ҳәм жаслардың ҳуқықый билимлерин арттырыўға қаратылған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимге еристи.

Ушырасыў жуўмағында жаслар сиясатындағы өз-ара бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм биргеликтеги жойбарларды шөлкемлестириўге келисип алынды.

Н.Абдураимова,

ӨзА