Өзбекстан Президенти Жәҳән банки менен шерикликтиң тийкарғы бағдарларын атап өтти

93

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-сентябрь күни Наманган қаласында Жәҳән банкиниң глобал директоры Луис Фелипе Лопес-Калваны қабыллады.

Сөйлесиўлер алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Жәҳән банки топарының президенти Ажай Банганың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди және “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” халықаралық форумы табыслы шөлкемлестирилгени менен қутлықлады.

Жәҳән банки менен стратегиялық шерикликти, бәринен бурын, Турақлы раўажланыўдың биринши мақсети болған кәмбағаллыққа қарсы гүресиў тараўында және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Бул глобал финанслық институт пенен әмелий бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекетлик бағдарлама табыслы әмелге асырылмақта. Өзбекстан банктиң макроаймақтағы жетекши шериклеринен бири болып есапланады. Жойбарлар портфели 14 миллиард доллардан артты.

Жәҳән банкиниң белсене жәрдеминде кәмбағаллық дәрежесин анықлаў методологиясы ислеп шығылды. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда кәмбағаллық ҳәм теңлик көрсеткишлери биргеликте диагностика етилмекте.

“Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ушын жумыс орынларын жаратыў, қала ҳәм аўыллардың социаллық инфраструктурасын модернизациялаў, туризмди раўажландырыў бойынша әмелий илажларды өз ишине алған биргеликтеги жойбарды таярлаў усыныс етилди.

Жеке меншик сектор жойбарларын алға қойыў, орта мүддетли раўажланыў бағдарламаларын ислеп шығыў, халықты дизимге алыў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларға айрықша итибар қаратылды.

ӨзА