2030-жылға барып, Өзбекстанда абсолют кәмбағаллыққа толық шек қойыў имканияты бар

Наманган қаласында 17-сентябрь күни “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” III халықаралық форумы басланды.
Әнжуманның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасып, шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы дүньяда бақланып атырған геосиясий, экономикалық ҳәм социаллық турақсызлық, климат өзгерислери тәсиринде глобал экономикалық өсиў төменлегени, ақыбетинде кәмбағал халық санының артқанына итибар қаратты. Бул жағдай барлық мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер, улыўма, дүнья жәмийетшилиги алдына жаңа ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды қойып атырғаны атап өтилди.

Усындай қыйын дәўирде Өзбекстанда кәмбағаллыққа қарсы гүресиў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Барлық ҳәрекетлер ҳәр бир инсан, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызларға өз потенциалын толық көрсетиўи ушын шараят жаратыў ҳәм имканиятларын кеңейтиўге қаратылды.

Жаңаланған Конституциямызда пенсиялар, напақалар ҳәм социаллық жәрдем муғдарлары ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болмаўы белгилеп қойылды.
Избе-из реформалар себепли 7,5 миллион халық кәмбағаллықтан шығарылып, 2024-жылы бул көрсеткиш 8,9 процентке түсирилди. Жылдың ақырына шекем кәмбағаллық дәрежесин 6 процентке шекем азайтыў мақсет етилген.

Өткен дәўирде мәмлекетимиздиң экономикасы 2 есеге өскени бунда әҳмийетли фактор болды. Усы жылдың жуўмағы менен халықтың жан басына дәрамат 3,5 мың долларға жетиўи күтилмекте.
Жаңа баслама ҳәм тәжирийбелерди сынақтан өткерип, дүньядағы унамлы жетискенликлерди үйренип, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Жаңа Өзбекстан модели жаратылды.

Бәринен бурын, мәнзилли социаллық дәптерлер енгизилип, барлық жәрдемге мүтәж шаңарақлар қамтып алынды. Пандемия дәўиринде бийпул дәри-дәрмақ, социаллық напақалар ушын жәми 8 миллиард долларлық қаржы ҳәм жеңилликлер берилди. Нәтийжеде 5 миллион 200 мың адамның “кәмбағаллық қақпаны”на түсип қалыўы ҳәм экономикалық рецессияның алды алынды.

Жәмийеттиң ең төменги буўынына түсип, “мәҳәлле кесиминде” ислеў системасы жолға қойылды. Ҳәр бир хожалық, ҳәр бир шаңарақ пенен индивидуал реже тийкарында ислесип, дәраматын арттырыў ушын жетерли ресурс ажыратылды.
Мәҳәллелерди абат етиў, адамлардың турмысын жақсылаў ҳәм исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыўға ҳәр жылы 2,5-3 миллиард доллар қаратылмақта.

Аўыл халқын дәраматлы етиў ушын 235 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданы қысқартылып, адамларға 30-50 сотихтан ажыратып берилди. Бул 800 мың халықтың дәраматын арттырыўда әҳмийетли қәдем болды.

– Бундай кең көлемли ис-ҳәрекетлеримиз есабынан Өзбекстан 2030-жылға шекем кәмбағаллықты 2 есеге қысқартыў бойынша алған миннетлемесин ўақтынан бурын орынлаўға ҳәрекет етпекте. Усыларды есапқа алып, бүгин жаңа, және де жоқары шеклерди белгилеп алыўға таярмыз. 2030-жылға барып, халықаралық нормаларға бола, Өзбекстанда абсолют кәмбағаллықты толық сапластырыўға барлық имканиятымыз бар ҳәм биз оны әлбетте иске асырамыз, – деди Президентимиз.

Мәмлекетимиз басшысы “Кәмбағаллықтан – абаданлыққа қарай” бағдарламасының мазмун-мәнисине де тоқтап өтти. Бул бағдарлама жети тийкарғы бағдарды қамтып алған.
Бәринен бурын, кәмбағал халықты тек ғана жумысқа жайластырыў емес, ал турақлы жумыс орынларын көбейтип, адамлар турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўы ушын шараят жаратылмақта.
Жедел инвестициялық сиясат себепли усы жылдың өзинде 35 миллиард доллар инвестиция есабынан 9 мыңнан аслам жаңа кәрхана, 300 мыңға шамалас жоқары дәраматлы жумыс орны шөлкемлестирилмекте.
Мәмлекет бизнеске шараят жаратып бермекте, исбилерменлер болса өзине социаллық жуўапкершилик алып, мүтәж халықты жумыслы ҳәм дәраматлы етиўде жәрдем бермекте. Усындай нәтийжели бирге ислесиў себепли усы жылдың өзинде 270 мыңнан аслам кәмбағал шаңарақ ағзасы турақлы жумыслы болды.
Екиншиден, сапалы билимлендириў инсан капиталын раўажландырыў, узақ мүддетли келешекте кәмбағаллықты қысқартыўдың тийкарғы “драйвери” болып қалады.
Атап айтқанда, кәмбағал шаңарақтыӊ балаларын мектепке шекемги билимлендириў менен толық қамтып алыў ушын барлық шараят жаратылады. Бундай шаңарақлардың перзентлери ушын шет тили ҳәм кәсип-өнер үйрениўге кететуғын қәрежетлердиң 80 проценти қаплап бериледи.
Кейинги бес жылда 800 мыңнан аслам халық заманагөй кәсиплерге оқытылып, жоқары дәраматлы жумысларға жайластырылған. Енди Кәсипке таярлаў халықаралық орайлары шөлкемлестирилип, олардың питкериўшилерине сырт елде тән алынатуғын сертификатлар бериў жолға қойылады.
Үшиншиден, ҳаял-қызларды жәмийеттиң белсенди ағзасына айландырыў айрықша итибарда болады. Сонлықтан, студент қызларға процентсиз кредит ажыратыў, магистратурада бийпул билим алыў имканияты жаратылды. Бүгин студентлердиң 53 процентин ҳаял-қызлар қурамақта. Усы жылдың өзинде 1 миллион 700 мың ҳаял-қыз жумыслы болған.
Буны даўам еттирип, “Санлы әўлад қызлары” бағдарламасы шеңберинде 50 мың қызлар мәлимлеме технологиялары, финтех ҳәм жасалма интеллектке оқытылады.
Быйыл ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын 1,5 миллиард доллар ажыратылды. Келеси жылы және 2 миллион ҳаялды турақлы дәраматлы етиў илажлары көриледи.
Төртиншиден, инсан саламатлығы қорғалып, оның имканиятлары толық жүзеге шығарылмақта. Соның ишинде, 140 мың кәмбағал шаңараққа шыпакер бириктирилип, олар жылына бир мәрте толық медициналық тексериўден өткерилмекте.
Енди кепилленген медициналық хызметлер көбейтилип, кәмбағал шаңарақлардың оған жумсайтуғын қәрежети 2 есеге қысқартылады. Онда оларға бийпул дәри ҳәм кепилленген медициналық хызметлер пакети бериледи.
Бесиншиден, социаллық қорғаўға мүтәж халық пенен мәнзилли ислесиў жолға қойылды. Бул система түп-тийкарынан реформаланып, Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилди. Ҳәр бир район ҳәм қалада 100 ден аслам социаллық хызметлерди “бир айна” принципи тийкарында көрсететуғын “Инсан” орайлары ашылды. Ҳәр бир мәҳәлледе социаллық хызметкер халық пенен проактив ислемекте.
Усы жылдың өзинде 2 миллион 700 мың халыққа социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетилди. Әсиресе, кәмбағал шаңарақлардың күтимге мүтәж ағзаларына жаңа социаллық хызметлердиң жолға қойылғаны 50 мың мийнетке жарамлы халық ушын жумыс ислеў имканиятын жаратты.
Социаллық хызметлердиң сапасын ҳәм қамтып алыўын арттырыў мақсетинде Жәҳән банки менен 100 миллион долларлық жойбар басланды. Имканияты шекленген балаларды мектеп ҳәм кәсиплик билимлендириў менен қамтып алыў ушын айрықша бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Алтыншыдан, аймақларда инфраструктураны жақсылаў, адамларға жасаў ушын қолайлы шараят жаратыў – көп өлшемли кәмбағаллықты қысқартыўда әҳмийетли қәдем болады.
Усы мақсетте дерлик 3,5 миллион халық жасайтуғын шараяты аўыр мың мәҳәлледе инфраструктура жақсыланбақта. Келеси жылы мәҳәллелерде инфраструктураны жақсылаў, жумыс орынларын көбейтиў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға және 400 миллион доллар ажыратылады. Онда 32 район ҳәм 328 аўыр мәҳәлле таңлап алынып, оларды раўажландырыў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етиледи.
Сондай-ақ, 810 мәҳәлледе суў, канализация, жол, мектеп ҳәм бақша қурыў бойынша 1,3 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылады.
Турақ жайға мүтәж ҳәм дәраматы төмен халыққа ипотека системасынан пайдаланыў ушын ҳәр жылы 200 миллион доллар субсидия ажыратылады.
Жетиншиден, мәмлекетлик қәрежетлердиң 70 проценттен асламы усы Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын жумсалмақта.
Соның менен бирге, глобал көлемде Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын раўажланып атырған мәмлекетлерге жылына 4 триллион доллардан аслам қаржы зәрүр.
Бундай шараятта қәўип-қәтерлерди объектив баҳалаў, финанслық ресурсларды тартыў, олардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша “кәмбағаллыққа қарсы гүресиўдиң жаңа финанслық архитектурасы”на зәрүрлик сезилмекте.
Бул мәселелерге шешим табыў мақсетинде 2026-жылы Хийўа қаласында халықаралық финанс институтлары, донор шөлкемлер ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлердиң қатнасыўында конференция өткерилетуғыны айтылды.
Форумда Ислам раўажланыў банкиниң президенти Муҳаммад ал-Жассир, Азия раўажланыў банкиниң вице-президенти Инмин Янг, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң бас вице-президенти Сачико Имото, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Каха Имнадзе, Жәҳән банкиниң кәмбағаллықты қысқартыў бойынша глобал директоры Луис Фелипе Лопез-Калва қатнасты. Улыўма, әнжуманда 200 ге шамалас халықаралық экспертлер қатнасты.
Илаж шеңбериндеги сессияларда кәмбағаллықты қысқартыўда базар талаплары, ислам финансының имканиятлары, бизнес инклюзивлиги, инсан капиталына инвестиция темасында инновациялық қатнаслар додаланды.
Форум 18-сентябрь күни жуўмақланады.
ӨзА