Өзбекстан Президенти ИРБ менен жаңа Стратегиялық шериклик бағдарламасын қабыл етиў басламасын алға қойды

17-сентябрь күни Наманган қаласында өтип атырған “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” халықаралық форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Ислам раўажланыў банкиниң президенти Муҳаммад бин Сулайман ал-Жассир менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў алдынан усы абырайлы халықаралық финанслық шөлкемниң басшысы форумның табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлап, ИРБ Өзбекстанда кәмбағаллықты буннан былай да қысқартыў бағдарындағы ўазыйпаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екенин атап өтти.
Мәмлекетимизде артқа қайтпайтуғын түрге енген реформалар стратегиясын әмелге асырыўға жәрдемлесиў мақсетинде Банк топары менен кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.
Кейинги жыллары ИРБ менен шериклик жедел раўажланып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Биргеликтеги жойбарлар портфели 5 миллиард доллардан артып, бүгинги күнде транспорт, инфраструктура, турақ жай қурылысы, энергетика, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў сыяқлы тийкарғы тараўларды қамтып алған. Соның менен бирге, инвестициялардың 40 проценттен асламы жеке меншик секторға туўра келеди.
Мәмлекетимиз басшысы ИРБ менен жойбарлар портфелин еки есеге көбейтиў, инфраструктура, социаллық тараў ҳәм жеке меншик сектор жойбарларын қаржыландырыў көлемин арттырыўды нәзерде тутатуғын узақ мүддетли Стратегиялық шериклик бағдарламасын қабыл етиў басламасын алға қойды.
Жеке меншик бизнес потенциалын жүзеге шығарыў, мәмлекетимиз аймақларында заманагөй медицина орайларын қурыў, автомобиль жолларын модернизациялаў, ирригация каналларын тиклеў ҳәм бетонлаў және басқа да бағдарларда анық жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
ӨзА