«Глобал инновация индекси – 2025»: Өзбекстан Орайлық Азия мәмлекетлери арасында биринши орында

112

«Глобал инновация индекси – 2025» презентациясы болып өтти. Бул индекс жыллық  халықаралық рейтинг болып, онда мәмлекетлердиң инновациялық раўажланыў дәрежеси ҳәм бәсекиге  шыдамлылығы баҳаланады.

Өзбекстан әдиллик министри Акбар Тошқулов  презентациядағы шығып сөйлеген сөзинде мәмлекет тәрепинен инновациялық раўажланыў мәселесине жоқары дәрежеде итибар қаратылып атырғанына әҳмийет қаратты. Өзбекстан кейинги тоғыз жыл (2015-2024-жыллар аралығы) ишинде бул рейтингте 40 текшеге жоқарылағанын атап өтти.

Интеллектуал мүлк тараўындағы жойбарлар ҳәм турақлы реформалар, стартапларды қоллап-қуўатлаў ҳәм санлы хызметлерди енгизиўди мәмлекетлик  инновациялық раўажланыўдың  тийкарғы факторлары сыпатында атап өтти.

Өзбекстанның келешекте билим ҳәм инновацияға тийкарланған экономика қурыў, жасларды  қоллап-қуўатлаў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўге умтылысы айрықша атап өтилди.

«Глобал инновация индекси – 2025» нәтийжелерине бола, Өзбекстан 2024-жылға  салыстырғанда  4 текшеге жоқарылап, 79-орынға көтерилди ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында биринши орынды ийеледи.

Н.Абдураимова, ӨзА