Өзбекстан 2030-жылға шекем кәмбағаллықты еки есеге қысқартыў бойынша алған миннетлемесин ерте орынлаўға ҳәрекет етпекте

95

Президентимиз жәмийеттиң ең төменги буўынына шекем түсип, “мәҳәлле кесиминде” ислесиў системасы жолға қойылғаны өзин ҳәр тәреплеме ақлағанын атап өтти.

Ҳәр бир шаңарақ пенен индивидуал реже тийкарында ислесиў, дәраматын арттырыў ушын жетерли ресурс ажыратылды. Мәҳәллелерди абат етиў, адамлардың турмысын жақсылаў ҳәм исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыўға ҳәр жылы 2,5-3 миллиард доллар қаратылмақта.

Аўыл халқын дәраматлы етиў ушын 235 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданы қысқартылып, адамларға 30-50 сотихтан жер ажыратыўдың жаңа механизми енгизилди. Бул жумыслар 800 мың адамның дәраматын арттырыўда әҳмийетли қәдем болды.

Жетекши исбилерменлердиң жәрдеминде қыйтақ жерде дәраматлы егинлерди егиў ҳәм кепилликли сатып алыў системасы жолға қойылды.

– Бир сөз бенен айтқанда, ҳәр бир мәҳәллеге бизнес орталығы, ҳәр бир шаңараққа абаданлық кирип келгенин адамлар өз турмысында сезинбекте. Бундай кең көлемли ҳәрекетлеримиз есабынан Өзбекстан 2030-жылға шекем кәмбағаллықты еки есеге қысқартыў бойынша алған миннетлемесин ўақтынан бурын орынлаўға ҳәрекет етпекте.

2030-жылға барып, халықаралық нормаларға бола, Өзбекстанда абсолют кәмбағаллықты толық сапластырыўға барлық имканиятымыз бар, – деди Президент.

 

ӨзА