Кәмбағаллыққа қарсы гүрес мәмлекетлик сиясат дәрежесине алып шығылып, улыўма миллий ҳәрекетке айландырылды

89

Президент Шавкат Мирзиёев Наманган қаласында “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” халықаралық форумының ашылыўында шығып сөйледи.

Кейинги сегиз жылда Өзбекстанда инсан ҳуқықларын қорғаў, мүнәсип жумыс орны менен тәмийинлеў, дәраматын арттырыў, турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған үлкен жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди.

Барлық ҳәрекетлер ҳәр бир инсан, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар өз потенциалын толық көрсетиўи ушын шараят жаратыў ҳәм имканиятларын кеңейтиўге қаратылды.

Ең қыйын дәўирде кәмбағаллыққа қарсы гүресиў мәмлекетлик сиясат дәрежесине алып шығылып, улыўма миллий ҳәрекетке айландырылды.

Мәмлекетимиз басшысы сол ўақытта бизде кәмбағаллық дәрежесин баҳалаў бойынша анық норма ҳәм методология жоқ болғанын атап өтти. Жәҳән банки ҳәм БМШ институтлары менен биргеликте халықаралық тәжирийбе тийкарында кәмбағаллықтың миллий нормалары ислеп шығылды.

Жаңаланған Конституциямызда пенсиялар, напақалар ҳәм социаллық жәрдем муғдарлары ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болмаўы қатаң белгилеп қойылды.

Избе-из реформалар себепли 7,5 миллион халық кәмбағаллықтан шығарылып, кәмбағаллық дәрежеси 2024-жылы 8,9 процентке түсирилди. Жылдың ақырына шекем оны 6 процентке шекем азайтыў мақсет етилген.

 

ӨзА