Мәмлекетимиз басшысы кәмбағаллықты қысқартыў бойынша өткерилип атырған халықаралық әнжуман қатнасыўшыларын қызғын қутлықлады

91

Президент Шавкат Мирзиёев Наманган қаласында 30 дан аслам абырайлы шөлкем ҳәм 200 ге шамалас халықаралық экспертлердиң қатнасыўындағы “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” халықаралық форумының ашылыўында шығып сөйлемекте.

Мәмлекетимиз басшысы елимизде кәмбағаллықты қысқартыў бойынша үшинши мәрте өткерилип атырған халықаралық әнжуман қатнасыўшыларын қызғын қутлықлады. Илажда қатнасып атырған Ислам раўажланыў банкиниң президенти Муҳаммад Ал-Жассир, Азия раўажланыў банкиниң вице-президенти Инмин Янг, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң бас вице-президенти Сачико Имото; Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Каха Имнадзе, Жәҳән банкиниң кәмбағаллықты қысқартыў бойынша глобал директоры Луис Фелипе Лопес-Кальва ҳәм барлық мийманларға миннетдаршылық билдирди.

Президентимиз инсаният ақыбетлерин алдыннан айтып болмайтуғын оғада кескин ҳәм қурамалы дәўирди басынан өткерип атырғанын атап өтти. Дүньяда геосиясий, экономикалық ҳәм социаллық турақсызлық барған сайын артып бармақта. Жер жүзинде бақланып атырған климат өзгерислери, суў жетиспеўшилиги ҳәм пандемиялар себепли аўыр ҳәм машақатлы сынақлар пайда болмақта.

2015-жылдан берли глобал экономикалық өсиў тезлиги орташа 3 процентти қурап, алдынғы он жыллыққа салыстырғанда төменледи. Ақыбетинде, егер бес жыл алдын дүньяда 650 миллион халық кәмбағаллықта жасаған болса, бүгин олардың саны 800 миллионнан асты.

– Бул жағдай барлық мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер, улыўма, дүнья жәмийетшилиги алдына жаңа ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды қойып, оларға шешим табыў бойынша оператив қарарлар қабыл етиўди талап етпекте,-деди Президентимиз.

ӨзА