Күндизги тәрбия хызмети шаңарақларға таяныш ҳәм жубаныш болмақта

214

Мәмлекетимиз басшысы Наманган қаласында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилген “Фирдавс” күндизги тәрбия орайын барып көрди.

Мәмлекетимиз Конституциясы, халықты социаллық қорғаў стратегиясы тийкарында инсанды қәдирлеў көлеми кеңейди, бул тараўдағы хызметлер мүтәжлерге жақынластырылмақта. Атап айтқанда, усы жылдың март айынан баслап Өзбекстанда майыплығы болған балалар ушын күндизги тәрбия хызмети жолға қойылды. Бундай жойбарлар жеке меншик шериклик тийкарында, мәмлекет тәрепинен субсидия арқалы әмелге асырылмақта.

Исбилермен Сайёра Қосимова тәрепинен шөлкемлестирилген “Фирдавс” күндизги тәрбия орайы солардан бири. Орай 36 орынға мөлшерленген болып, арнаўлы билимлендириў ҳәм реабилитация хызметлери көрсетиледи. Балалар күн даўамында тоғыз саатлық индивидуал оқыў-тренинг бағдарламалары менен қамтып алынады. Сабақларды тәжирийбели невропатолог, дефектолог, сурдолог, аудиолог, педагог ҳәм психологлар алып барады.

Бул хызметтен пайдаланып атырған аналар перзентлерине меҳири ҳәм ғамхорлығы ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди. Олардың айтыўынша, алдын бундай балалар тек үйде отыратуғын, жәмийеттен ажыралып қалатуғын еди. Жаңа социаллық қорғаў системасы себепли енди олар да “жарықлыққа” шығып атыр. Майыплығы болған балалар инклюзив билимлендириўге, қызықлы сабақ ҳәм шынығыўларға тартылып, турмыслық көнликпелерди үйренбекте. Бул майып перзенти бар шаңарақлар ушын оғада үлкен қоллап-қуўатлаў ҳәм тәселле болып есапланады.

Президент елимизде ҳеш ким итибардан шетте қалмайтуғынын, бундай социаллық жойбарлардың көлеми кеңейтилетуғынын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги “Faol hayotga qadam besh xizmat” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен де танысты.

Орай усы жылы исбилермен Хосият Ортиқованың жеке қаржысы есабынан шөлкемлестирилген. Бул жерде өзгелердиң күтимине мүтәж шахслар ушын заманагөй қолайлықлар, медициналық ҳәм реабилитациялық хызметлер жолға қойылған. Орай 16 орынға мөлшерленген.

Бул жерде медицина қәнигелери тәрепинен индивидуал бағдарламалар тийкарында ҳәр күни 8 саатлық шынығыў өткериледи. Олар адамлардың денсаўлығын тиклеў, функционаллық имканиятларын арттырыў ҳәм жәмийетлик турмысқа қайтарыўға жәрдем береди.

Әҳмийетлиси, өткен дәўир даўамында әмелге асырылған емлеўлер нәтийже бере баслады. Атап айтқанда, сегиз шахстың өзине-өзи хызмет көрсетиў дәрежеси жақсыланды, бесўиниң шаңарақ ағзасы жумысқа жайласты.

“Жедел турмысқа қәдем” бағдарламасы ҳәм күндизги тәрбия инсанларға саламат турмысқа қайтыў, шаңарақларға болса экономикалық ҳәм социаллық имканиятларды арттырыў мүмкиншилигин бермекте. Бул хызметлер арқалы тек ғана наўқаслардың өмиринде емес, ал олардың шаңарақларында, жәмийетте унамлы өзгерислер бақланбақта.

Бул тараўдағы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бағдарламасына республика бойынша 600 исбилермен қосылған болып, олардың 46 сы Наманган ўәлаятында жумыс алып бармақта. “Жедел турмысқа қәдем” бағдарламасы менен елимиздеги басқалардың күтимине мүтәж 24 мың пуқара, күндизги тәрбия хызмети менен 3 мыңға шамалас майыплығы болған балалар қамтып алынған.

ӨзА