Мәмлекетлик сатып алыўларда жасалма интеллект енгизиледи
111

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директоры мәмлекетлик сатып алыўларда коррупциялық жағдайларды сапластырыў мақсетинде бул тараўда жасалма интеллект технологияларын енгизиў нәзерде тутылып атырғанын мәлим етти. Бул бағдарда Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен белгили жумыслар әмелге асырылып атырғанын айтып өтти.
Буннан тысқары, ҳәкимшилик жәриймалар да лаўазымлы шахсларды нызамсыз қаржы өзлестириўден, мәмлекет пулларын талан-тараж етиўден иркип тура алмай атырғаны, сол себепли, бул бағдарда ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликти күшейтиў нәзерде тутылып атырғанын мәлим етти.
М.Комилова, ӨзА