Санлы мәмлекетлик хызметлер ҳәмме ушын теңдей имканият жаратады

Бүгин турмысымызды санлы технологияларсыз көз алдымызға келтириў қыйын. Себеби мәмлекетлик хызметлерди телефон ямаса компьютер арқалы алыў адамларға ўақыт ҳәм қолайлық береди. Бирақ бул имканиятлардан ҳәмме бирдей дәрежеде пайдалана ала ма? Мәселен, көзи әззи ямаса майыплығы болған пуқаралар ушын да бул хызметлер бирдей қолайлы ма?
Усындай сораўларға жуўап табыў мақсетинде Санлы ҳүкимет жойбарларын басқарыў орайы ҳәм Өзбекстан көзи әззилер жәмийетиниң Ташкент қалалық бөлими менен биргеликте “Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы – ҳәмме ушын санлы имканиятлар” атамасында илаж болып өтти.

Илаждан гөзленген мақсет санлы мәмлекетлик хызметлерди барлық пуқаралар ушын бирдей қолайлы етиў, соның ишинде, көзи әззилер ҳәм майыплығы болған шахслар ушын да тосқынлықсыз имканият жаратыўдан ибарат. Бул арқалы ҳәр бир инсанның мәмлекетлик хызметлерден еркин пайдаланыўына шараят жаратылады.
Илаж даўамында майыплығы болған шахслар ушын мәмлекетлик хызметлерден теңдей пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў мәселелери додаланды. Қатнасыўшыларға my.gov.uz (https://my.gov.uz/) порталы арқалы усынылып атырған хызметлер, социаллық қоллап-қуўатлаў имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди, экран дикторы ҳәм жәрдемши технологиялар жәрдеминде мәмлекетлик хызметлерден әмелий пайдаланыў процеси көрсетилди.
Сондай-ақ, қатнасыўшылар порталды пайдаланыўдағы тәжирийбелери менен ортақласты. Илаж жуўмағында санлы хызметлерди буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар топланды.
Нигора Раҳмонова,
ӨзА