АҚШқа барып атырған өзбекстанлылардыӊ саны артпақта
141

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-июль айларында жәми 8 мың Өзбекстан пуқарасы туристлик мақсетлерде АҚШқа сапар еткен.
Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 996 адамға ямаса 14,3 процентке көп.
2025-жылдың 7 айында АҚШқа барған өзбекстанлылардың тийкарғы мақсетлери:
Туризм бойынша – 5 683 адам
Туўысқанларды жоқлаў ушын- 1 978 адам
Оқыў бойынша- 179 адам
Хызмет бойынша – 104 адам
Емлениўге – 23 адам
Хамроз Баянов,
ӨзА