Мәмлекет басшысы Наманганға жөнеп кетти

261

Президент Шавкат Мирзиёев 16-сентябрь күни Наманганға жөнеп кетти.

Бул ўәлаят исбилерменлик ҳәм санаат аймағы. Кейинги сегиз жылда Наманганға 7 миллиард доллар сырт ел инвестициясы киргизилген, 8 мыңға шамалас жаңа кәрхана иске қосылған. Аўыл хожалығы, туризм, хызмет көрсетиў тараўлары да раўажланып, халықтың бәнтлигин тәмийинлемекте.

Президент сапарынан мақсет усындай үлгили жойбарлар менен танысыў ҳәм жаңа шеклерди белгилеў болып табылады. Сапар бағдарламасынан қурылыс, санаат, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы кәрханалары, социаллық мәкемелер орын алған.

Ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерилиўи режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” III халықаралық форумында да қатнасады.

ӨзА