Төрткүл – Елликқала – Беруний айланба жолын реконструкциялаў мәселелери талқыланды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Азия раўажланыў банкиниң қубла, орайлық ҳәм батыс Азия аймақлары бойынша вице-президенти Инмин Янг басшылығындағы делегация менен ушырасты.
Онда дәслеп, соңғы жыллары елимизде халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламалары менен әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, бул бағдарда Азия раўажланыў банки менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар кең түрде атап өтилди.
Буннан соң, Азия раўажланыў банки қатнасыўында әмелге асырылыўы нәзерде тутылған халықаралық әҳмийеттеги А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала ҳәм Төрткүл районлары аймағынан өткен бөлегин реконструкциялаў жойбары көрип шығылды.


Азия раўажланыў банкиниң 233,1 млн. доллар қарыз қаржылары тийкарында А380 автомобиль жолының Қарақалпақстан Республикасынан өткен дерлик 87 км бөлегин реконструкциялаў белгиленгенлигин атап өтиў орынлы. Жойбар шеңберинде 75 км узынлықтағы жаңа айланба жол («Төрткүл – Елликқала – Беруний») қурылысы ҳәм ҳәрекеттеги А380 автомобиль жолының 12 км бөлегин қайта қурыў режелестирилген.
Ушырасыў даўамында, Азия Раўажланыў банки қатнасыўындағы жойбарлар инфраструктура менен байланыслы машқалаларды шешиў, елимиз экономикасын беккемлеў, халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғынлығы айрықша тилге алынып, бирге ислесиў жумыслары буннан былай да даўам ететуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги