Бүгин Президент Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаятына барады

96

Еки күнлик сапардыӊ бағдарламасынан санаат, аўыл хожалығы, энергетика ҳәм социаллық тараўда иске қосылған жаӊа объектлер менен танысыў ҳәм ўәлаятты комплексли раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткериў орын алған.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” III халықаралық форумының ашылыў мәресиминде қатнасады ҳәм шығып сөйлейди.

Қарақалпақстан  хабар агентлиги