Муғаллимлерге ҳүрмет ҳәм жасларға имканият мәмлекеттиң келешегин тәмийинлейди

Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң басында өз өмирин жас әўладқа тәлим-тәрбия бериўдей ең уллы иске бағышлап киятырған барлық муғаллимлерди қутлықлап, оларға терең ҳүрмет-иззетин билдирди.



Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 11-сентябрьдеги пәрманына муўапық, тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топары ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди. Олардың арасында өз қаржысы есабынан мектеплер қурған сақаўатлы исбилерменлер, билимлендириўдеги алдынғы жетискенликлерди енгизиўге жәрдем берип атырған сырт елли шериклер де бар.



Мәресимде мине, усы сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.
– Мен көплеген тараў ўәкиллерине атақ, орден ҳәм медаллар беремен. Бирақ устазлар сыйлықланатуғын күнди сағынып күтемен. Көкирегиңизди безеп турған орден-медальлар мүбәрек болсын. Елимизде жоқары сыйлықларға мүнәсип пидайы муғаллимлер көбейсин, – деди Президент.
Сыйлықланғанлардың атынан шығып сөйлегенлер билимлендириў тараўына итибары, устазларға жоқары ҳүрмети ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.



Буннан кейин тараўды раўажландырыў илажлары бойынша сөйлесиў болып өтти. Онда видеобайланыс арқалы пүткил республикамыздан 40 мыңнан аслам устаз ҳәм муғаллимлер қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы мәжилистеги шығып сөйлеген сөзинде соңғы сегиз жылда мәмлекетимиз экономикасы 2 есеге өскенин, жалпы ишки өним көлеми жылдың ақырына шекем 130 миллиард долларға жетиўин атап өтти.



Усы экономикалық тийкарда өткен сегиз жылда билимлендириў ҳәм илим тараўына қәрежетлер 6 есеге арттырылып, 378 триллион сум қаржы ажыратылған. Президентимиз билимлендириўдиң сапасын арттырыў, муғаллим ҳәм устазлардың мийнет ҳәм жасаў шараятын жақсылаў реформалардың ең тийкарғы бағдары болып қалатуғынын атап өтти.
Мәжилисте билимлендириўдиң барлық буўынларын раўажландырыў, жаслар ҳәм педагоглар ушын имканиятларды және де кеңейтиўге қаратылған басламалар белгиленди.



2017-жылы 4 мыңнан аслам мәҳәлледе бир де балалар бақшасы жоқ еди, қамтып алыўы 27 проценттен артпайтуғын еди. Бүгинги күнде бақшалардың саны 38 мыңнан, қамтып алыўы болса 78 проценттен артты. Жақында жәрияланған жаңа жеңиллик ҳәм имканиятлар нәтийжесинде мектепке шекемги билимлендириў кирип бармаған бирде-бир мәҳәлле қалмайды, қамтып алыў да 80 проценттен кем болмайды.

Бақша басшысы ҳәм педагоглардың айлығы дерлик 2 есеге артты. Жеке меншик бақшалардағы тәрбияшылардың айлығы ҳәм бала қәрежетиниң бир бөлеги бюджеттен қаплап берилетуғын система енгизиледи.
Енди мәмлекетлик ҳәм жеке меншик бақша тәрбияшыларын жумыстан ажыралмаған ҳалда жоқары билимлендириўде оқытыў жолға қойылады. Президент мектеплери сыяқлы ҳәр бир ўәлаятта “Жаңа әўлад” бақшалары шөлкемлестирилип, тәрбияшылар алдынғы педагогикалық технологияларды үйренеди.



Билимлендириўдиң ең узақ даўам ететуғын, шешиўши басқышы бул – мектеп билимлендириўи.
Мәмлекетимиз халқы соңғы 34 жылда 2 есеге өсип, 38 миллионнан асты. Ҳәзирги ўақытта мектеплерде 6,5 миллион оқыўшы билим алмақта. Кейинги сегиз жылда 500 ге шамалас жаңа мектеплердиң қурылғаны, барларының кеңейтилгени есабынан 1 миллион оқыўшы орны жаратылды. 200 мыңнан аслам ул-қызлар жеке меншик мектеплерде оқып атыр.
Енди мектеп дәўиринде оқыўшыларды қәбилетине қарап кәсип ямаса жоқары билимлендириўге бағдарлаў ушын 9-ҳәм 11-класс оқыўшылары ушын бирден-бир мәмлекетлик имтиханлар енгизиледи. Бул арқалы 400 мыңға шамалас 9-класс питкериўшилери техникумларға қамтып алынады. Оқыўды мектепте даўам еттирип, жоқары оқыў орнына кириў тилегинде болған жасларға пәнлер таңлаў тийкарында тереңлестирилип өтиледи.
Ҳәр жылы онлаған мың мектеп оқыўшылары шет тили ҳәм пәнлер бойынша халықаралық сертификатлар алмақта. Енди бундай сертификатлар мектептеги жуўмақлаўшы имтиханларда да тән алынады.
Мәмлекетимиз басшысы кәсиплик билимлендириў мәселесине айрықша тоқтап өтти. Тараў ушын 2026-жыл – жасларды заманагөй кәсип-өнерге үйретиў жылы болатуғыны атап өтилди.
Усы мақсетте Кәсиплик билимлендириў агентлиги шөлкемлестириледи. Агентликтиң тийкарғы ўазыйпасы барлық 598 техникумға жаңа орталық алып кириў ҳәм халықаралық стандартларды енгизиўден ибарат болады.
Бир жыл ишинде 100 техникумда Германия, Швейцария, Қытай, Корея, Уллы Британия сыяқлы мәмлекетлердиң билимлендириў шөлкемлери менен бирге ислесиў жолға қойылып, олардың ең алдынғы кәсиплик билимлендириў бағдарламалары енгизиледи.
Сондай-ақ, кәсиплик көнликпеси бар қәлеген талабан бул техникумларда сырт мәмлекетлердиң маманлықты баҳалаў системасы арқалы имтихан тапсырып, халықаралық сертификат алыўы мүмкин болады.
Быйылғы оқыў жылынан Англияның Пирсон компаниясы менен аймақлардағы 14 техникумда “БИТЕК” халықаралық бағдарламасы басланды. Бул арқалы жаслар халықаралық стандартлар тийкарында туризм, мәлимлеме технологиялары, медицина, қурылыс, логистика, электротехника, энергетика, машина қурылысы, биотехнология, креатив экономика сыяқлы бағдарларда талап жоқары кәсиплерди ийелейди.
Келеси жылы санаатта дерлик 45 миллиард долларлық 456 ири жойбар басланады. Енди техникумларда “инвестор – тармақ – техникум” шынжыры тийкарында ҳәр бир жойбар бойынша дуал билимлендириў жолға қойылады.
Кәрханалар менен анық жойбарлары болған техникумлар арасында заманагөй устаханалар қурыў бойынша таңлаў өткериледи. Таңлаў жеңимпазларына устахана ушын заманагөй үскене ҳәм инвентарьлар, спорт әнжамлары алып бериледи.
Улыўма, дуал билимлендириў менен қамтып алыў 5 есеге арттырылады. Бирге ислесиўши кәрханаларға 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит ажыратылады, дуал билимлендириў арқалы жумыс ислеп атырған оқыўшылар ушын бирден-бир социаллық төлем еки есеге қысқартылады.
Жаңа технологияларды өзлестириў, жумыс табыўда шет тиллерин билиў жүдә әҳмийетли.
Сонлықтан, техникумлардағы шет тиллери ушын ажыратылған саатлар 4 есеге көбейтиледи.
Президентимиздиң қарарына муўапық, мектеплерде мәсләҳәтши лаўазымы енгизилмекте. Енди олар 7-класстан баслап оқыўшыларды пәнлерди өзлестириўи ҳәм кәсиплик қызығыўшылығы бойынша таңлап, 9-классты тамамлағанда техникумларға жоллама береди.
Буннан тысқары, быйыл 11-классты питкерип, жоқары оқыў орнына кире алмаған 200 мың жаслар да техникумларда 3-6 айлық қысқа мүддетли бағдарламалар тийкарында кәсипке оқытылады.
– Бул жаңа басламаларымыздан мақсет не? Ҳәр бир баланы кәсип-өнер арқалы дәраматлы етсек, шаңарақлардың руўзыгершилиги пүтин болады, мәҳәллелерде тынышлық ҳүким сүреди. Буннан ата-аналар да разы болады, деп ойлайман – деди Шавкат Мирзиёев.
Техникумдағы муғаллим ҳәм усталардың маманлығын, жәмийеттеги абырайын арттырыў илажлары да белгиленди. Соның ишинде, мектептеги сыяқлы техникумлардың оқытыўшы ҳәм устазлары ушын кәсиплик сертификатлаў системасы енгизиледи. Бул арқалы техникум устазларына миллий сертификат ушын айлығының 30 проценти, халықаралық сертификатқа болса 50 проценти муғдарында үстеме төленеди. Буннан техникумлардың 30 мыңлық педагоглар жәмәәти пайда көреди. Бул мәкемелер директоры ҳәм орынбасарларының айлық мийнет ҳақысы да арттырылады. Енди техникумларда да илимий дәреже ҳәм атақлар ушын үстемелер төлеў жолға қойылады.
Кейинги жылларда, әсиресе, жоқары билимлендириўге қамтып алыў жедел артты. Жоқары оқыў орынларының саны 77 ден 202 ге, жәми студентлердиң саны 250 мыңнан 1,5 миллионға жетти.
Жаңа индустриаллық дәўир – “төртинши санаат революциясы”н әмелге асырыў ушын дүньяда “технологиялық минераллар”ға талап бир неше есеге артпақта. Таллаўларға бола, дүньядағы вольфрам, молибден, цинк ҳәм титан резервлериниң 10-15 проценти регионымызға туўра келеди. Бул үлкен ресурсларды жоқары қосымша қунлы өнимге айландырыў ушын бизге бәринен бурын илим, билим ҳәм инновация керек.
Соның ушын илим ҳәм бизнес ўәкиллерин ушырастырып, пайдалы биргеликте ислейтуғын система шөлкемлестирилетуғыны айтылды. Ойлап табыўлардың тәжирийбе-сынақ жумысларының қәрежетлерин қаплаўға қосымша 100 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди.
Жақында ойлап табыўшылар арасында тоғыз бағдарда өткерилген таңлаў жеңимпазларына электромобиль берилди. Екинши орын ийелери сырт елге стажировкаға жибериледи, үшинши орынды ийелегенлер болса ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.
Енди бундай таңлаўлар жоқары билимлендириўдиң ҳәр бир бағдарында, оқытыўшылар ҳәм студентлер арасында да өткерилетуғыны жәрияланды.
Жоқары оқыў орынларында сырт ел ТОП-500 диң университетлери менен биргеликте мәлимлеме технологиялары, жасалма интеллект, агротехнология, медицина, “жасыл” энергетика сыяқлы тийкарғы бағдарларда биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары жолға қойылады. ТОП-100 лыққа кирген университетлердиң филиаллары ашылады.
Президентимиз устаз ҳәм муғаллимлердиң социаллық шараятларын жақсылаў бойынша да бир қатар басламаларды билдирди.
Енди жаңа жылдан баслап кеминде 15 жыл стажға ийе болған жоқары категориялы педагогларға ипотека кредити басланғыш төлеминиң 25 проценти қаплап бериледи.
Келеси оқыў жылында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға кирген педагоглардың перзентлериниң шәртнама суммасына 30 процент шегирме бериледи.
Муғаллимлер жаңа билимлендириў технологияларын кеңнен қолланыўы ушын компьютер сатып алыўға 10 миллион сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи. Келеси жылдан педагоглар ушын мәмлекетлик хызметлер төлеми 2 есеге азайтылады.
Пән муғаллимлери сыяқлы баслаўыш билимлендириў муғаллимлери ушын да миллий сертификат бериў системасы енгизиледи. Сертификат алғанларға ҳәр айда 15 процент үстеме төленеди.
Бакалавр басқышын айрықша диплом менен питкерип, мектепке жумысқа киргенлерге автомат тәризде 2-кәнигелик категориясы, магистрлерге болса 1-кәнигелик категориясы бериледи. Дүнядағы ТОП-300 жоқары оқыў орынларына оқыўға кирген педагогларға 20 мың долларға шекем жеңиллетилген тәлим кредити ажыратылады.
Мәжилисте оқытыўшы ҳәм студентлер, билимлендириў шөлкемлериниң басшылары менен сөйлесилип, пикир-усыныслары тыңланды.
ӨзА