Жоқары билимлендириўде “оқыўға киргизип қойыў” деген оғада унамсыз иллет толық сапластырылды

63

Соңғы сегиз жылда жоқары оқыў орынларының саны 77 ден 202 ге, жәми студентлердиң саны 250 мыңнан 1,5 миллионға жетти.

Жоқары билимлендириўде “оқыўға киргизип қойыў” деген оғада унамсыз иллет толық сапластырылды. Жасларға жоқары оқыў орынларына кириўде таңлаў имканияты арттырылды.

Профессор-оқытыўшылардың айлығы салмақлы дәрежеде артып, жоқары оқыў орны оқытыўшысы болыў көпшиликтиң әрманына айланды.

Кейинги ўақытлары анық ҳәм тәбийғый пәнлерге көбирек итибар қаратылмақта. Жақында ” ToshTech”,  “Бауман университетиниң филиалы, Алмалық мәмлекетлик техника институтын ашыў бойынша қарарларға қол қойылды. Хорезмде Аль-Хорезмий университетине тырнақ тасы қойылды. Қалған аймақларда да оның филиаллары болады.

Мәмлекетимизде жер асты байлықларының үлкен резерви бар. Бурын нефть-газ тараўындағы излеў жумыслары тек ғана 2,5-3 мың метр тереңликте алып барылатуғын еди. Быйыл санаатымыз тарийхында биринши мәрте Үстиртте 6,5 мың метр жер астын бураўлап, жүдә үлкен газ резерви табылды.

Жаңа индустриаллық дәўир – “төртинши санаат революциясы”н әмелге асырыў ушын дүньяда теллур, литий, селен, графит, молибден сыяқлы технологиялық минералларға талап бир неше есеге артпақта. Таллаўларға бола, дүньядағы вольфрам, молибден, цинк ҳәм титан резервлериниң 10-15 проценти регионымызға туўра келеди.

– Бул үлкен ресурсларды жоқары қосымша қунлы өнимге айландырыў ушын бизге бәринен бурын илим, билим ҳәм инновация керек,-деди Президент.

ӨзА